Өзбекстан Республикасы Президенти «Мәмлекетлик салық органлары жумысларын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды, деп жазады Daryo.uz Spot басылымына тийкарланып.

Ҳүжжет мәмлекетлик салық хызмети органларына салық төлеўши дизимге алынған мәнзилде болмаған, сондай-ақ, салық төлеўши тәрепинен салық ямаса финанслық есап, камерал қадағалаў нәтийжелери бойынша парқлардың тийкарлары ямаса анықластырылған салық есабы белгиленген мүддетте усынылмаған жағдайда салық төлеўши – юридикалық шахслардың банк есап бети бойынша операцияларды тоқтатып турыў ҳуқықы берилди.

Салық төлеўши тәрепинен усынылатуғын мәлимлемениң исенимлилигин ҳәм салық төлеўшиниң есапларында сәўлелендирилген салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин қолланыўдың нызамлылығын тастыйықлаў ушын камерал қадағалаў нәтийжеси бойынша орнына шыққан ҳалда темаға байланыслы ҳәм экспресс-үйрениўлер әмелге асырылады.

Жүзеге келген салық қарыздарлығын салық төлеўши – физикалық шахслардың пластик карталарына хызмет көрсетиўши банк есап бетлеринен айына ең кем мийнет ҳақының еки есеси муғдарынан көп болмаған суммада сөзсиз есаптан шығарыў мүмкин болады.

Сондай-ақ, салық органлары мәмлекетлик үлеслери бойынша дивидентлерди ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалардың сап пайдасынан Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетине ажыратпаларды өндириў ҳуқықына ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги