Қазақстан Республикасы Қызылорда ўәлаятының ҳәкимлиги, ўәлаятлық жаслар сиясаты мәселелери басқармасының қоллап-қуўатлаўы менен «Қазақстан КВН» Аўқамы республикалық жаслар кеңеси бирлеспесиниң шөлкемлестириўинде Қызылорда қаласының 200 жыллығы мүнәсибети менен усы жылдың 28-июнь күни саат 18:00 де Н.Бекежанов атындағы мәденият үйинде Қызылорда ўәлаятының сыйлығына арналған «Киели мекен – Қызылорда» атамасындағы халықаралық дослық фестивалы өткериледи.

Илажға Қазақстанның ҳәр қыйлы аймақларынан, сондай-ақ, Түркменстан, Қырғызстан, Башқуртстан, Туркия ҳәм Қарақалпақстаннан қуўнақлар ҳәм зийреклер таңлаўына қатнасатуғын командалар қатнасады.

ҚМУдың «Жайҳун» командасының ағзасы Әжинияз Оңғарбаевтың Фейсбуктағы арнаўлы бетинде жәриялаўынша, Қарақалпақстан Республикасынан қатнасатуғын команда қурамында Дәстан Бектурсынов («Туран»), Бабур Бахтияров («Жайҳун»), Шухрат Зарымбетов («Туран») ҳәм Әлийшер («Тарғибот»)лер қатнасады.

Мағлыўмат ушын, жеңимпаз командаларға төмендеги сыйлықлар тапсырылады:

1-орын – 500 000 теңге;

2-орын – 300 000 теңге;

3-орын – 150 000 теңге.

Сондай-ақ, «Ең жақсы ойыншы» номинациясының жеңимпазына 50 000 теңге муғдарында қаржылай сыйлық бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.