Иқтисодий манфаатдорлик автомобилсозлик ривожида бош омил бўлиши зарур

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-июнь күни автомобиль санаатында усы жыл ушын белгиленген өндирислик ҳәм экспорт көрсеткишлерин тәмийинлеў, тармақтың раўажланыў перспективаларын белгилеў мәселелерине  бағышланған мәжилис өткерилди.

Елимиз автосанааты экономикамызды арттырыўға салмақлы үлес қосып атырған тармақлардан бири болып табылады. «General Motors», «MAN», «Isuzu» сыяқлы дүньдағы жетекши компаниялар менен биргеликте елимизде жеңил ҳәм жүк автомобильлери, автобуслар ислеп шығарылмақта. Соның менен бирге, бүгинги күн автомобиль санаатын модернизациялаў ҳәм басқышпа-басқыш раўажландырыў, бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа қолайлы автомобильлер ислеп шығарыў олардың модельлерин турақлы жаңалаў ўазыйпаларын қоймақта.

Мәжилисте тармақта жергиликлилестириў, халыққа автомобильлерди тез ҳәм арзан жеткерип бериў, сыртқы базарға экспорт етиў заман талапларына улыўма жуўап бермейтуғыны сынға алынды. Елимиз бир ўақытлары жылына 100 мыңнан аслам автомобиль экспорт еткен болса, соңғы 5 жылда оны ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў көлеми азайған. Тармақтың барлық дәрежедеги басқарылыўында коррупция, алдаўшылық, таныс-билислик сыяқлы иллетлер тамырласып кеткени буған себеп болмақта.

Соңғы 2,5 жылда автомобиль сатыўда коррупция ҳәм алдаўшылық жағдайлары бойынша 99 жынайый ис ашылған. «Өзавтосанаат» акционерлик компаниясында пайда болған қарыздарлықтың ақыбетинде өткен жылы системадағы бир неше кәрхана жумысын зыян менен жуўмақлаған. Автомобильлер жыллар даўамында өзиниң өзине түсер баҳасынан төмен баҳада экспортқа шығарылған. Өз гезегинде, өзине түсер баҳасын түсириў бойынша сезилерли жумыс ислемеген. Автомобильдиң аўысық бөлеклерин таярлаўды өзлестириў де қанаатландырарсыз аўҳалда. Комплектлеўши бөлеклердиң импорты да елеге шекем жоқарылығынша қалмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул кемшиликлерди сапластырыў, автомобиль қурылысында өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў, жергиликлилестириў дәрежесин арттырыў, импортты қысқартыў бойынша тапсырмалар берди. Тармақлық кәрханаларды айланба қаржылар менен толықтырыў, автомобильлер ислеп шығарыў, ишки ҳәм сыртқы базарларда сатыў системасын жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.

Автомобиль санаатының экспорт потенциалын кеңейтиўде жүзеге келип атырған зыянның көлемин қысқартыў әҳмийетли орын ийелейди. Президентимиз сол мақсетте 2020-жылға шекем басқышпа-басқыш пайда менен экспорт етиў илажларын нәзерде тутатуғын комплексли бағдарлама ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти.

Ишки базарда автомобиль сатыўда коррупция сапластырылмай атырғаны халықтың наразылығына алып келмекте. Автосалонлардың орналасыўы ҳәм автомобильлердиң бөлистирилиўи аймақлар халқының талапларына жуўап бермейди,  – деди мәмлекетимиз басшысы. – Мысалы, 3 миллион халқы болған Қашқадәрья ўәлаятында тек ғана 2 автосалон хызмет етип атырған болса, 2,8 миллион халқы бар Ташкент ўәлаятында 12 автосалон бар. Нәтийжеде халық қоңсылас ўәлаятлардан автомобиль излеп әўере болмақта.

Жоқарыдағы кемшиликлерден келип шығып, мәжилисте автомобиль ислеп шығарыўда экономикалық мәпдарлықты арттырыў, сыртқы базарда бәсекиге шыдамлы өнимлерди таярлаўды жолға қойыў, оларды сатыў системасын жетилистириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Ҳүкимет ҳәм «Өзавтосанаат» компаниясы басшыларына елимиздиң автомобиль қурылысы тармағының дүнья базарында мүнәсип орын ийелеўи ушын оны избе-из раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў, тутыныўшылардың зәрүрликлерин есапқа алған ҳалда, және де заманагөй машиналарды ислеп шығарыўды кеңейтиў, тармаққа инновациялық технологияларды тартыў ҳәм инвестициялар ағымын көбейтиў, кадрлар потенциалын арттырыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша зәрүр көрсетпелер берилди.

ӨзА