Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм «Қарақалпақ әдебияты» газетасы тәрепинен «Қарақалпақстан зыялылары-журт пидайылары» атамасында әнжуман  шөлкемилестирилди.   

Оған белгили шайырлар менен жазыўшылар, театр, кино, музыка көркем өнери саласының ғайраткерлери, журналистлер қатнасты.

Әнжуманда Қарақалпақстанға хызмет көреткен журналист, жазыўшы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Кәримов, Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы К.Реймов, академик Ж.Базарбаевлар шығып сөйлеп, Президентимиз Ш.Мирзиёевтың дөретиўши-зыялылары ўәкиллери менен ушырасыўында «Әдебият ҳәм көркем өнерди, мәдениятты раўажландырыў-халқымыздың руўхый дүньясын жетилистириўдиң беккем тийкары»  атамасында шығып сөйлеген сөзине, усы ушырасыўдан кейин қабыл етилген «Баспа сөз ҳәм мәлимлеме саласында басқарыўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы, «Өзбекистан журналистлери дөретиўшилик аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы, «Өзбекистан композиторлары аўқамының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы, «Миллий кинематографияны буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарар-пәрманлардың мазмун-мәнисине кең тоқтап өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов қатнасты.

 

 Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы