Нөкис районы орайындағы спорт комплексиниң футбол майданшасында Қарақалпақстан Республикасы 25-миллий чемпионатының 1-тур ойынлары болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

 

 

Онда Нөкис районының «Ақмаңғыт» ҳәм Хожели районының «Хожели-Туран» командалары өз ара жарысқа түсти.

Ойын жуўмағына бола, «Ақмаңғыт» командасы 2:1 есабы менен жеңиске еристи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги