22-июнь күни Кегейли районында 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби филиалында  «Атам, анам ҳәм мен спортшылар шаңарағы» атамасында жас шаңарақлар арасында  жарыс болып өтти.

Жарыс Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў ислери бойынша районлық Кеңеси, районлық Руўхый ағартыўшылық бөлими ҳәм 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрепинен шөлкемлестирилди.

Жарысқа аймақлық басқышларда жеңимпаз болған 6 шаңарақ қатнасты.

Жарыс жуўмағында «Қумшуңгул» АПЖ дан Оразбаевлар шаңарағы жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды.

Жарысқатың барлық жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ студенти