АҚШтың Атмосфералық изертлеўлер миллий орайы илимпазларының пикиринше, жақын арада Қуяшта супер шақнаў жүз бериўи ҳәм жулдыз сыртында күшли термоядролық жарылыў ақыбетинде жасалма жолдаслар ҳәм Жердеги электрон қурылмаларды жоқ етип жибериў қүдиретине ийе қуяш нурланыўының күшли ағымы бақланыўы мүмкин. Бул ҳаққында Business Insider басылымы мәлим етти, деп жазады Kun.uz сайты.

Илимпазлардың айтыўынша, адамзат елеге шекем бундай ҳәдийселерден қорғаныў ҳәм оларға қарсы турыўдың нәтийжели қуралларын жарата алмаған.

Илимпазлардың айтыўына қарағанда, Қуяш активлигиниң төменлеўине қарамастан, бундай жарылыў ақыбетлери үлкен апатшылық болыўы мүмкин – жүз беретуғын жаңа геомагнитли дүбелей тарийхта дизимге алынған ең күшлиси – 1859-жылдағы қуяш супердүбелейинен де күшлирек болыўы мүмкин. Сол ўақыттағы электромагнитли дүбелей ақыбетинде пүткил дүнья бойынша телеграф ҳәм радиобайланыслар ислемей қалған.

2012-жылы да Қуяш Жерге усылай «оқ жаўдырған» еди, бирақ электромагнитли дүбелей планетамыз алдынан өтип кеткен еди. Бирақ, жақын жылларда планетамызды «нысанаға дәл тийгизетуғын» қуяш дүбелейи жүз бериўи мүмкин.

Илимпазлардың билдириўинше, инсанлардың электрон системалар ҳәм жасалма жолдасларға тығыз байланыслы болғанлығы себепли бундай супердүбелей келтиретуғын зыян 2 триллион долларды қураўы мүмкин. Бундай электромагнитлик дүбелейдиң «қурбанлары» тек ғана жасалма жолдаслар ҳәм навигациялардан ибарат емес, ал электрон қурылмалар да болыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.