Нөкис районының ғәллекешлери ҳәзирги ҳәр бир күннен өнимли пайдаланған ҳалда, орым-жыйын жумысларын айрықша жуўапкершилик ҳәм шөлкемлескенлик пенен алып бармақта.

-Ҳәзир аўылдан узағырақ жердеги атызларында едик, түстен кейин саат 15.00лер шамасында гүзар жолдың бойындағы «Мийрас» фермер хожалығының атызына түсимиз, сол жерде ушырасайық,-деди телефоннан райондағы «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйынының ақсақалы, 8-санлы отрядтың баслығы Оразбай Дәўлетбаев.-Айтқанындай, ўәделескен ўақытта фермер хожалығының атызына дәслепки комбайн жетип келди. Бирақ, орым-жыйын басламастан-ақ комбайнның бир жери истен шықты. Ол-жерин, бул жерин көзден өткерген комбайншы жигит, ремени үзилгенин айтты.

-Ҳәзир ўақыт ғәниймет, жигитлер мен тез қаладан ремен алып келейин,-деди сол жерде комбайинға бекитилген ўәкиллерден бири. Екинши комбайн да жетип келип, жумысты баслап жиберди. Арадан көп ўақыт өтпестен аўысық бөлекке кеткен жигит те жетип келди. Бул комбайнда атызға түсти.

-Орым-жыйын жумысларын қысқа мүддетте тамамлаўдың барлық илажларын көрип атырмыз,-деди комбайнларды атызларға түсирип, кеўлин жәмлеп алған отряд баслығы Оразбай Дәўлетбаев.-Өткен жылы 51 фермер хожалығы тәрепинен 604 гектар жерге ғәлле еккен еди. Тәрбия ҳәм азықландырыў жумыслары агротехникалық қәделерге муўапық ўақтында алып барылды. Атап айтқанда, гектарына 800 килограмнан 1 тонна әтирапында минерал төгин берилди. Деген менен, ерте бәҳәрде, жерден тоң кеткен ўақытларында суўдың аз болып қалыўы зүрәәтлиликке өзиниң кери тәсирин тийгизди. Солай да болса, қолдан келген илажларды ислеп, қалған өнимди сақлап қалыўға еристик. Нәтийжеси жаман емес.

Ҳаўа райының қолайсыз келиўи, суў там-тарыслығына қарамастан көпшилик фермер хожалықларымыз дийдиленген зүрәәт алыўға ериспекте. Мәселен, Дәўлет Хожамуратов басқарған «Сары палапан» фермер хожалығы 8 гектар жерден 48 тонна, Турдыбай Шербеков басқарған «Турдыбай» фермер хожалығы 8 гектар жерден 40 тонна, Матназар Исмаилов басқарған «Жалалатдин Нөкис» фермер хожалығы 8 гектар жерден 38 тонна, Рашид Изтилеўов басқарған «Изтилеўов Рашид» фермер хожалығы 10 гектар жерден 40 тонна өним тапсырып, белгиленген шәртнамалы режелерин артығы менен орынлап шығыўға еристи. Соның ишинде, Қуўаныш Тоқтыбаев басқарған «Мақсет» фермер хожалығы машақатлы келген жылда 6 гектар егислик майданынан 40 тоннадан зыят өним алып, ҳақыйқый мийнеттиң үлгисин көрсетти. Улыўма бүгинги күнге аймағымыздағы 15 фермер хожалығында орым-жыйын жумыслары байытылып, зүрәәтлилик гектарына 40-45 центнерден туўра келмекте.

Мына, Мақсет Узақбаев басқарған «Мийрас» фермер хожалығының атызларында да зүрәәтлилик кем болмайды. Бир тегис ырғалысқан бийдай атызлары буннан дәрек берип турғандай. Фермер хожалығында улыўма 27 гектар егислик майданы болып, соннан 13 гектарына гүзлик бийдай екти.

Жаста болса истиң көзин билетуғын «New Holland» комбайнының басқарыўшылары Шразатдин Шәмшетов, Анвар Арысланбаев, Икрам Сабуров ҳәм Улуғбек Гүлмановлар изли-изинен бункерлерин толтырып, орым-жыйынға пәт ендирмекте.  Бул өнимлерди райондағы «Шортанбай» дән қабыллаў пунктине тасып жеткериўде автомашина басқарыўшылары Үсен Тәжибаев, Баймурза Төреханов, Сулайман Есжанов, Өсербай Аймурзаев ҳәм Садулла Бегдуллаевлар пидәкерлик мийнет етпекте.

Хожалықта ғәлледен босаған майданларға суўды аз талап ететуғын тәкирарый егин егиў жумыслары да қолға алынбақта. Атап айтқанда, 184,5 гектар майданға тәкирарый егин егиў режелестирилген.

Соны да айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң елимиз фермерлерине мүрәжаты аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы фермерлер, қыйтақ жер ийелериниң қатнасында талқыланып, ис-режелер ислеп шығылды. Ҳақыйқатында да,   Президентимиздиң 2018-жыл 28-февральдағы «Пахта шийки затын ҳәм масақлы дән жетистириўди қаржыландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қыйын келген жылда фермерлерге күш-қуўат бағышламақта. Қарарға муўапық, пахта ҳәм масақлы дәнниң сатып алыў баҳалары өткен жылларға салыстырғанда дерлик 2 есеге арттырылыўы менен бирге, бул өнимлерди жетистиретуғын фермер хожалықларының хызмет көрсетиўши шөлкемлер алдындағы қарызлары, соның ишинде, ишки тармақлық қарыздарлығы және бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар алдындағы қарызларды төлеў мүддетти есапланған пеня ҳәм жәриймалар есаптан шығарылған ҳалда 3 жыл мүддетке создырылыўы оларға көрсетилип атырған ғамқорлықтың айқын көриниси болды.

Район ҳәкиминиң орынбасары Ислам Бекжановтың атап өткениндей, өткен жылы районда 401 фермер хожалығы тәрепинен 5800 гектар жерге ғәлле егилген еди. Жетистирилген ғәллени қысқа мүддетте сепситпей жыйнап алыў бойынша 9 отряд шөлкемлестирилип, оларға 15 комбайн бириктирилди. Оларды тынымсыз ислетиў, солай етип, халқымыздың ырысқы-несийбеси болған ғәллениң бир де мысқалын зая етпестен жыйнап алыўдың барлық илажлары көрилмекте. Бунда ҳәр жылдағыдай «Арбашы»лар басқаларға өрнек болмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.