Ҳүкиметтиң 2018-жыл 25-июньдағы қарары менен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға автотранспорт қураллары ушын дизимге алыўда мәмлекетлик номер белгилерин арттырылған төлем ставкалары бойынша бериўде «Өзбекстан Республикасы товар-шийки зат биржасы» АЖ мәлимлеме системасында аукцион өткериў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерислер киргизилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналына тийкарланып Kun.uz хабар берди.

Буннан былай «сулыў» номерлер кеминде 5 жумыс күнлик мүддетке (алдын 3 жумыс күни) аукционға қойылады.

Сондай-ақ, «сулыў» номерлердиң басланғыш баҳаларының категориялары да өзгерди.

Атап айтқанда, 002, 003, 004, 005, 006, 008, 009 номерлер комбинациясы 2-категорияға өткерилди.

2-категория номерлериниң басланғыш баҳасы егер олар ҳәр қыйлы комбинациядағы ҳәриплер менен болса ең кем мийнет ҳақының 40 есеси (алдын 70 есеси) етип белгиленди.

Айрым номерлер комбинациясы (100, 200, 300, 400, 500, 600, 700, 800, 900) дизимнен шығарылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги