Бир айдан берли усы атамада мәҳәллелер арасында жеңил атлетиканың жуўырыў спорт түриниң спринт бағдары бойынша өткерилген жарысларда республикамыздағы 209 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан жәми 5016 жас қатнасқан еди.

Жақында пайтахтымыздағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер мектебинде өткерилген усы жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышында республикамыздың қала ҳәм районларынан  15 команда қатнасты.

Жарыста 11-14 жас аралығындағы жас өспиримлер өз-ара күш сынасты.

Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет – Өзбекистанда жеңил атлетикаға кириўши спорт түрлерин еле де раўажландырыў, мәҳәллелердеги балалар ҳәм жас өспиримлер арасында жуўырыў бойынша спринт түрин ғалаба ен жайдырыў, олардың физикалық жақтан саламатлығын беккемлеў, қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў ушын оларды спорт пенен турақлы шуғылланыўын тәмийинлеў, талантлы спортшыларды анықлаў болып есапланады.

Онда 100, 400,  1500 метрге жуўырыў ҳәм узынлыққа секкириў бойынша ул ҳәм қыз балалар арасында жеккелик жарыслар ҳәм 4х100 ҳәм 4х400 метрге 4 ул ҳәм 4 қыз балалардан ибарат командалар арасында эстафеталық жарыслар болып өтти.

Жарыс Халықаралық жуўырыў спорт түриниң қағыйдалары тийкарында өткерилди.

Жарыс жуўмағында Нөкис қаласы командасы биринши, Тахтакөпир районы командасы екинши, Елликқала районы командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер ҳәм қәўендер шөлкемлер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги