Хабарыңыз бар, быйылғы тест сынақлары Қарақалпақстан Республикасында еки орында – Нөкис Олимпия резервлери колледжи ҳәм Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебинде (халық арасында «Айдын жол» спорт комплекси деп те аталады) өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матеков Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев пенен ушырасып, тест сынақлары болып өтетуғын еки орынның дислокациясы менен танысты.

Төменде сиз де дислокация менен танысыўыңыз мүмкин.

 

Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебиниң биринши этажы

 

Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебиниң екинши этажы

 

Нөкис Олимпия резервлери колледжи

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.