Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының, оның қалалық, районлық бөлимлериниң басшылары ҳәм қәнигелериниң қатнасында мәжилис болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасынан ҳәм басқармадан қәнигелер шығып сөйлеп, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-майдағы «Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ жеткерип бериў ҳәм тутыныў тараўында төлем нызамын буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, орынлаў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 5059-санлы пәрманы ҳәм «Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 3016-санлы қарарының орынланыўына байланыслы мәселелерге кеңнен тоқтап өтилди.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық, районлық бөлимлери тәрепинен бүгинги күнге шекем әмелге асырылған жумыслар ҳәр тәреплеме талқыланып, тәбийғый газ, электр энергиясы бойынша қарыздарлықты өндириўдиң жағдайы, суд ҳүжжетлери менен басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў процесслери сын көз-қарастан додаланды.

Мәжилисте елимиз басшысының тапсырмасы тийкарында өткен ҳәптеде Бас прокурор ҳәм басқа да ўәкилликли мәкемелердиң басшыларының республикамызға келгени, халық пенен тиккелей сәўбетлесиў өткергени, оларды жеке түрде қабыл етип, бир қанша машқалалардың анықланғаны, көпшилик жағдайларда олардың шешими лаўазымлы шахслар тәрепинен шешилмей келгенлиги мәлим болғаны, усындай унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларына деген көз-қарасты және жуўапкершиликти түп-тийкарынан өзгертиў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Илажда басқарма баслығы Ж.Ермашев бюроның жумысын еле де сапалы алып барыў, алдымыздағы еки ай даўамында бюроға тийисли барлық тараўлар бойынша көрсеткишлерди сезилерли дәрежеге көтериў ҳәм қарыздарлықты өндириўдиң дурыс есап-санағын тәмийинлеў бойынша пикир-усынысларын билдирип, тийисли тапсырмалар берди. Соң жыйналғанларға, бюро хызметкерлери арасында жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қыйлы орынсыз ҳәрекетлердиң, парахорлық иллетлериниң алдын алыў, хызметкерлердиң жеке қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Бас прокуратура тәрепинен таярланған «Қаллоб назоратчилар» атлы арнаўлы видеоролик қойып берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы