27-июнь «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» байрамы ҳәр жылы пүткил елимиз бойлап көтериңки руўхта белгиленип келинбекте.

Ғалаба хабар қураллары – турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланған болып, бүгинги күни жәмийетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткерип бериўге, елимиздиң раўажланыўы жолында жүз берип атырған жаңалықларды, адамлар турмысындағы өзгерислерди кең түрде жарытып бериўге, миллий қәдирият ҳәм үрп-әдет дәстүрлеримизди үгит-нәсиятлаўда айрықша орны гиреўли.

Усы байрам мүнәсибети менен 27-июнь күни пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде тараў хызметкерлериниң кәсиплик байрамына арналған илаж өткериледи.

Байрамда быйылғы жылы «Қарақалпақстан» баспасына 90 жыл, «Тўрткўлнома» газетасына 85 жыл, «Шоманай нуры» газетасына 65 жыл, «Давр кўзгуси» газетасына 40 жыл, «Қарақалпақстан мәденияты» газетасына 25 жыл толыўы кең түрде белгилеп өтиў режелестирилген.

Илажға республикамыздағы барлық ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери хызметкерлери, мийнет ветеранлары қатнасады.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып бериледи.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы