2018-жыл 22-июнь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев алып барды.

Кенгаш Өзбекстан Республикасының Олий Мажлис Сенатының он биринши жалпы мәжилисин усы жылдың 28-июнь күни Ташкент қаласына шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сенатттың жалпы мәжилиси күн тәртибине Өзбекстаның Республикасын бир қатар нызамлары және елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыўға, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаны избе-из орынлаўға, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған мәселелер киргизилмекте.

«Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында»ғы (жаңа редакциядағы), «Медиация ҳаққында»ғы, «Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында»ғы, «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы (жаңа редакциядағы), «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамлары усылардың қатарына киреди.

Буннан тысқары, жалпы мәжилисте сенаторлар халықаралық шәртнамаларды ратификациялаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының бир қатар нызамларын да көрип шығады, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасының 2017-жылдағы жумысы, Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымларының 2017-жылдағы жумысы ҳаққындағы есапларды, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң жумысы, ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў тараўындағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемени тыңлайды. Жалпы мәжилисте Әндижан ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў және халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есаплары да тыңланады.

Сенат ағзалары мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызметке байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы ҳәмде жаслардың шақырыўға шекемги басланғыш таярлығы жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Бас министрине парламентлик сораўларды жибериўге байланыслы мәселелерди додалайды.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылады.

Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының он бесинши жалпы мәжилиске таярлық көриўге ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларын муўапықластырыў ушын Кенгаш тәрепинен жумысшы топар дүзилди.

Сенат Кенгаши өз ўәкиллигине байланыслы басқа да мәселелерди көрип шықты.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме агентлиги