Хорижий инвестицияларни жалб этиш ҳудудларни комплекс ривожлантиришга хизмат қилади

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 21-июнь күни тармақларда ҳәм аймақларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың жағдайы, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў нәтийжелерин таллаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасының Бас министри ҳәм оның орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери, тийисли министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары қатнасты.

Елимизде инвестиция орталығының жақсыланғаны нәтийжесинде экономика тармақларына ҳәм аймақларға тиккелей инвестициялар жедел кирип келмекте. Атап айтқанда, 2018-жылдың бес айында 776 жаңа қоспа ҳәм сырт ел кәрханасы дизимнен өткерилди. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 496 ға көп. Сондай-ақ, усы жылы сырт ел инвестицияларының қатнасыўында 377 аймақлық ҳәм 148 тармақлық жойбарлардың орынланыўын белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды әмелге асырыў процесслерин жеңиллестириў әҳмийетли мәселе екенин атап өтти.

fa62e40e-d44f-101d-1672-142f5099cd50.jpg

Президентимиздиң усы жыл 20-июньде қабыл етилген Инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарларын жедел әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы қарары усы мақсетке хызмет етеди. Усы ҳүжжетке муўапық, буннан былай Президент ҳәм ҳүкимет қарарлары тийкарында әмелге асырылатуғын инфраструктура жойбарлары бойынша жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлерин экспертизалаўда төлем алынбайды.

Соның менен бирге, мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорлар, Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары, ҳүкимет кепилликке алған кредитлер есабынан товарларды мәмлекет ушын сатып алыў бойынша тендер ҳүжжетлери ҳәм импорт шәртнамаларын экспертиза етиўде де ҳақы төленбейди. Дәслепки ҳәм жуўмақлаўшы техникалық-экономикалық тийкарларды комплексли экспертизалаў ушын төленетуғын төлем муғдары 4 есеге шекем қысқартылды.

Және бир итибарлы тәрепи, халықаралық қаржы институтларының кредитлери есабынан әмелге асырылатуғын ямаса бир басқышлы жойбарлар бойынша финанслық-экономикалық есап ислеп шығыў талабы бийкар етилди.

Президентимиз қарарда белгиленген илажларды избе-из әмелге асырыў, инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарлары бойынша ҳүжжетлер таярлаў, экспертиза етиў және тастыйықлаўдың жаңа, еле де әпиўайыластырылған тәртибин ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берди.

Быйылғы жыл ушын тастыйықланған инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарлары дизимине киргизилген, орынланыўында арқайынлыққа жол қойылған ҳәр бир жойбарды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Аўыл ҳәм қалаларда арзан турақ жайлар, ишимлик суўы тармақлары ҳәм басқа да социаллық объектлер қурыўды қаржыландырыў және өз ўақтында пайдаланыўға тапсырыў бойынша анық ўазыйпалар қойылды.

Мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорлардың есабынан 2 мың 44 социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлерди қурыў, реконструкциялаў  ҳәм капитал оңлаў нәзерде тутылған. Олардың айырымларында қурылыс-монтажлаў жумыслары баслап жиберилген. Қаржыландырыў жумысларының кешигип атырған объектлерде жумысларды тезлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, мәжилисте 16 объект бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў жуўмақланбағаны, 70 объекттиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери экспертизадан өткерилмегени, 248 жойбарды әмелге асырыў бойынша жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң анықланбағаны сынға алынды.

Мәжилисте және бир әҳмийетли мәселе – аўыллық жерлерде жаңа үлгидеги арзан турақ жайлар қурыў жумысларына итибар қаратылды.

Усы жылы жәми  22 мың 145  жаңа үлгидеги турақ жай, соның ишинде, аймақлық орынлаў уйымларының басшылары ушын 974, профилактика инспекторлары ушын 1 мың 171 хызмет турақ жайын қурып, пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Президентимиз бул бағдардағы жумысларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди. Қалаларда арзан көп қабатлы турақ жайлар қурыў жумысларын да жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларға сапарлардың жуўмақлары бойынша ислеп шығылған 2018-2019-жыллары аймақларды комплексли раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 6 мың 317 жойбарды әмелге асырыў белгиленген. Буның нәтийжесинде жәми 219 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Зәрүр социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе бул жойбарлар ушын орын ажыратыў, инфраструктура тармақларына жалғаў жумысларын өз ўақтында шешиў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Мәжилисте Президентимиз инвестицияларды, бәринен бурын, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм нәтийжели өзлестириўди тәмийинлеў – барлық дәрежедеги басшылардың ең әҳмийетли ўазыйпасы екенин айрықша атап өтти.

Сырт еллерге сапар етиўлер ҳәм сөйлесиўлер нәтийжесинде қуны 17 миллиард доллар болған 182 перспективалы жойбарды әмелге асырыў ҳаққында дәслепки келисимге ерисилген. Усы инвестицияларды өзлестириў бизнес-реже ҳәм техникалық-экономикалық тийкарларды таярлаўға байланыслы. Сол себепли бул бағдардлағы жумысларды жеделлестириў, сырт ел инвестицияларын перспективалы жойбарларға бағдарлаў ҳәм жоқары нәтийжелиликке ерисиў бойынша көрсетпелер берилди.

Кең имканиятларының болыўына қарамастан, Бухара ўәлаятында сырт ел инвестицияларының қатнасыўында 10 жойбар, Наўайыда 9, Қашқадәрьяда 1 ғана жойбар әмелге асырылмақта. Әсиресе, Қашқадәрьяда 13 районда, Ферғанада 11,  Сурхандәрьяда10, Ташкент, Бухара, Жиззақ ўәлаятларында 8 ден, Хорезм, Наўайы ўәлаятларында 7 ден, Қарақалпақстан ҳәм Самарқандта 6 дан, Әндижан ҳәм Сырдәрьяда 5 тен, Наманган ўәлаятында 4 районда сырт ел инвестициясының қатнасыўында бир де жойбар режелестирилмегени сынға алынды.

Соның ушын бул жумысларды кескин жеделлестириў зәрүр. Инвестиция комитетиниң ўәлаятлық, қалалық ҳәм районлық бөлимлери сырт ел инвестицияларын алып келиўи ҳәм сырт ел инвесторларына барлық мәселелер бойынша әмелий жәрдем бериўи керек. Сондай-ақ, район ҳәм қала ҳәкимлери, сектор басшыларының ҳәр бири өз аймағына тиккелей сырт ел инвестициясын тартыўға үлес қосыўы зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Жойбарларды әмелге асырыўдың барлық процесслерин толық қамтып алатуғын, оны таярлаўдан баслап иске қосылыўына шекем болған дәўирди мониторинг етиў имканиятын беретуғын бирден-бир электрон мәлимлеме системасын енгизиў бойынша ўазыйпалар берилди.

Мәжилисте талқыланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың есабатлары тыңланды. Инвестиция усынысларын қәлиплестириў, инвесторлар табыў, жойбарлар ислеп шығыў, экспертиза етиў, қаржыландырыў ҳәм әмелге асырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.

ӨзА