2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде  әдиллик уйымлары менен мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириўге айрықша әҳмийет берилмекте.

Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл әҳ-апрельдеги «Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм әдалатлы пуқаралық жәмийетин қурыў процесинде ҳуқық дөретиўшилиги жумысын сапалы шөлкемлестириў, избе-из ҳәм бирдей ҳуқықты қолланыў әмелиятын қәлиплестириў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.

Президентимиздиң усы пәрманы тийкарында қала ҳәм районларда әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилип, кәсип-өнер колледжлериниң сапластырылып атырған юридикалық хызметлер функциялары усы бөлимлер тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылғанын айрықша атап өтиў керек. Бөлимимиздиң тийкарғы ўазыйпасы мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң районлық структураларына нызамларды ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қолланыў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер бериў, олардың нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестириў бойынша жумысына методикалық басшылық етиў ҳәм муўапықластырыў, қабыл етилип атырған ҳәр қандай нызамлардың нормативлик-ҳуқықый мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин районлық структуралардағы орынлаўшыларға жеткериў, солай етип, «Республика-ўәлаят-район-мәҳәлле» принципи тийкарында ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын алып барыў, халықтың ҳуқықый саўатсызлығын сапластырыўда ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымлары менен биргеликте илажларды әмелге асырыў болып табылады. Соның менен бирге, район ҳәкиминиң,  халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳәм ўазыйпаларына муўапықлығы көзқарасынан экпертизадан өткериў, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм талқылаў, оның турақлылығын ҳәм бирдейлигин тәмийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў,инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша илажларды әмелге асырыў, өз ўәкиллигимиз шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлерин көрип шығыў, ҳуқықый жумыслардың жағдайын мониторинг етиў, сондай-ақ, олардың юридикалық хызметлери жумысын муўапықластырыў,  қадағалаў ҳәм методикалық тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленген. Аймақтағы мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги және ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы бойынша халық депутатлары районлық Кеңеске ҳәр шеректе мәлимлеме усынып барылады.

Районлық бөлимимиз тәрепинен өткен қысқа ўақыт ишинде бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Жаңадан бөлимлердиң шөлкемлестирилиўи, халқымыздың ҳуқықый саўатлығын буннан былай да арттырыўға, бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты шөлкемлестириўге, ең баслысы, пуқаралардың мәмлекетлик уйымларға болған исениминиң артыўына хызмет етпекте.

Оралбай Джуманиязов,

Қараөзек районы Әдиллик

бөлиминиң баслығы