Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен халық билимлендириў системасын түп-тийкарынан өзгертиў, оны заман талапларына муўапық жетилистириў бағдарында қойылған ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов басқарған мәжилисте халық билимлендириў системасындағы үйрениўлердиң нәтийжелери талқыланып, Президентимиз тараўдың ҳәзирги жағдайынан улыўма қанаатланбай атырғаны, тийисли тапсырмалар берилгенине қарамастан сезилерли өзгерис болмағаны сынға алынды. Соның ушын билимлендириўдиң тийкарғы басшылары өз лаўазымларынан азат етилгени атап өтилди.

Билимлендириў системасы хызметкерлериниң ҳәр қыйлы жәмийетлик жумысларда «таяр қолға» айландырылғаны олардың жумыс сапасына кери тәсир етти. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен   мәжбүрий мийнетке шек қойыў бойынша тийисли ҳүжжетлер қабыл етилгенине қарамастан, орынлардағы айырым лаўазымлы шахслар елеге шекем бул «қумар»дан ўаз кеше алмай атырғаны ашшы ҳақыйқат.

Мәжилисте ендиги жағында бундай жағдайларға пүткиллей шек қойылатуғыны, бул сыяқлы қылмысты ислеген шахслар жынайый жуўапкершиликке шекем болған жазаға тартылыўы мүмкин екени атап өтилди.

Оқытыўшылардың жумыс ислеўи ушын зәрүр шараятларды тәмийинлеўге немқурайдылық пенен қаралғаны, жеткиликли қаржы менен тәмийинленбегени олардың абыройының түсиўине алып келди. Бул болса жақсы кадрлардың, әсиресе, ер муғаллимлердиң тараўды тәрк етиўине себеп болды. Ақыбетинде тәлим-тәрбиядағы алтын шынжырға зыян келди.

Атап өтилгениндей, енди оқытыўшыларды мүнәсип хошаметлеў, айлығын көбейтиў илажлары көриледи. Бирақ бул процесс бир күнде болатуғын ис емес, басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Атап айтқанда, оқытыўшылардың зәрүр шараятта ислеўи ушын мектеплердиң инфраструктурасы жақсыланады, яғный мектеплер салынады. Бул өз гезегинде, маман кадрлар, әсиресе, ер муғаллимлерди мектепке тартыўға және имканият беретуғынына гүман жоқ.

Оқытыўшылардың тийкарғы ўазыйпасы билим бериў. Тилекке қарсы, өткен дәўир ишинде бул турмыслық логикаға зыян жетти. Усы ўақытқа шекем оларды жәмийетлик жумысларға мәжбүрий тартыўдан тысқары, тез-тез мәжилислерге шақырыў, ҳәр қыйлы қағазларды толтырыўға мәжбүрлеў әмелияты ислеп келди. Нәтийжеде, жәбиркеш оқытыўшының өз билим ҳәм көнликпесин арттырыўға, заманагөй билимлендириў системасында енгизилген жаңалықлардан хабардан болыўға ўақты болмады.

Бас министр бундай ашынарлы жағдайға Халық билимлендириў министрлигине тайынланған жаңа басшылар шек қойыў зәрүрлигин атап өтти. Бул бағдарда жаңа министр Ш.Шерматовқа зәрүр тапсырмалар берилди.

Видеоселекторда мектеплер тиккелей Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен қойылған ўазыйпаларды орынлайтуғынына, ҳәкимлер ямаса басқа да лаўазымлы шахслар билимлендириў системасына өз ҳүкимин өткериўге жол қойылмайтуғыны, система хызметкерлерин мәжилислерге шақырыў әмелиятынан ўаз кешилетуғыны атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта елимиз мектеплеринде 6 миллион бала билим алмақта. Олар ҳәр тәреплеме билимли, жетик болса ғана нийет еткен келешекке ийе боламыз.

Мәжилисте атап өтилгениндей, билимлендириў системасы инфраструктурасы заман талапларына муўапық түп-тийкарынан өзгертиледи, атап өтиў зәрүр болса, пүткиллей жаңаланады. Бул бағдарда халық билимлендириў министри Шерзад Шерматов, оның орынбасары ўазыйпасын атқарыўшылар – Сарвар Бобохўжаев, Алишер Умаров, Отабек Назировларға тийисли тапсырмалар бериледи.

Енди билимлендириў системасына ажыратылып атырған қаржылардың дурыс, мәнзилли жетип барыўы тәмийинленеди. Ең әҳмийетлиси, бул қаржылар Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен бөлистириледи. Билимлендириў системасын, атап айтқанда, Халық билимлендириў министрлигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў барлық басшылардың әҳмийетли ўазыйпаларынан бирине айланды.

Мәжилисте билимлендириўдеги ең әҳмийетли дәрек – сабақлықлардағы машқалаларға да итибар қаратылады. Сабақлық сапалы, түсиникли болып, пәнниң тартымлылығын ашып бериўге хызмет етсе, бул тийкарғы мақсетке ерисиўдиң бас факторы болып табылады.

Соңғы жылларда сабақлықлардың мазмунына емес, оның авторларына тийкарғы итибар қаратылған. Бунда бас критерия «пәленшениң танысы жазған сабақлық» болып өлшенгени оғада ашынарлы. Жағдай сол дәрежеге жетти, қәнигелерди қоя турайық, ҳәттеки зийрек мектеп оқыўшылары да сабақлықлардан қәте таўа баслады.

Қала берсе, сабақлықларды 2-3 жылға бармай жаңадан басып шығарыўға қаншадан-қанша қаржы жумсалған. Себеби, анық пәнлер – математика, физика, химия сыяқлы сабақлықлардағы нызамшылық өзгермейди. Оларды ҳәр қыйлы версияда, қайта-қайта басып шығыўдан мақсет белгили. Бул әлбетте, автор ҳәм басылымлардың мәплерине хызмет еткени сыр емес.

Мәжилисте халықаралық стандартларға сай сабақлықларды жаратыўға итибар қаратылды. Бул бағдарда зәрүр тапсырмалар берилди.

Елимизде мектеплердиң инфраструктурасын заман талапларына муўапықластырыў да әҳмийетли мәселе болып қалмақта.

Атап өтилгениндей, көпшилик мектеплер 2 ямаса 3 қабат етип қурылған. Лекин, оларды 4 ямаса 5 қабат етип қурыўға хеш нәрсе тосқынлық етпейди. Керисинше, мектепте шараят жақсыланыўы, пән кабинетлерин шөлкемлестириў, көбирек оқыўшыларды қамтып алыў мүмкиншилигин береди. Бундай имканияттан пайдаланбаўдың ақыбетинде көплеген аймақларда балалар үш сменада оқымақта.

Мәжилисте «Жаңа үлгидеги мектеп» жойбарында, бәринен бурын, мектеп имаратларының  оқыўшылар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм пайдалы болыўына итибар қаратылыўы зәрүрлиги айтылды.

Мектеплердиң ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын ишки имканиятлардан пайдаланыў да мақсетке муўапық. Бул бағдарда пайтахтымыздың Сергели районындағы мектеплерден бириндеги жаңа үлгидеги тәжирийбе тилге алынды. Гәп сонда мектепте оқыўшылар бағы жаратылған болып, онда ҳәр бир оқыўшының өз тереги бар. Оқыўшы өз терегиниң өсиўи ушын жан күйдиреди, оған ўақтында суў қуяды. Бул бала тәрбиясында әҳмийетли орын ийелеп, онда тәбиятқа меҳир оятыўы менен бирге жуўапкершилик сезиминиң артыўына жәрдем береди. Бағлардан келетуғын пайда болса мектептиң, оқыўшылардың мәплерине хызмет етсе, нур үстине нур болады.

Мәмлекетимиз басшысы оқытыўшының абыройын арттырыў бойынша зәрүр тапсырмалар берип, «Оқытыўшыларды ҳүрмет етпегенди мен де ҳүрмет етпеймен», деп айрықша атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да оқытыўшы жәмийеттеги ең абыройлы кәсип ийеси болыўы шәрт. Бул ушын барлық илажлар көриледи. Өйткени, дүньядағы ең раўажланған мәмлекетлерден есапланған Япония, Сингапурда әйне усындай қатнас жасаў себепли олар жедел раўажланған.

Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрликлер менен ведомстволардың басшыларына және видеоконференцбайланыс системасы арқалы қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине ҳәм тийисли шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлерине көрилген мәселелер бойынша зәрүр тапсырмалар берилди.

 Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА ның хабаршысы