Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлар жедел раўажланып бармақта. Оған өзбек ҳәм корейс халықлары характериндеги мийнетсүйгишлик, ар-намыс, ўатан сүйиўшилик, сондай-ақ, бай тарийх ҳәм дәстүрлерге садықлық сезимлери руўхый тийкар болып хызмет етпекте.

Өз-ара бирге ислесиў тарийхын көплеген қоспа кәрханалар, биргеликте әмелге асырылған ири жойбарлар ҳәм заманагөй кадрлар таярлаўдағы жәрдем, мәдений-ағартыўшылық илажлар безеп тур. Өзбекстанда машина қурылысы санаатының пайда болыўында ҳәм раўажланыўында бул елдиң жәрдемин тән алмаўдың илажы жоқ.

Әсиресе, илим, билимлендириў тараўларындағы өз-ара қатнасықлар кең көлемге ийе. Бул бағдарда Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Ташкент мәмлекетлик шығыс таныў институтының Қубла Кореядағы көплеген жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўи жоқары нәтийже берип атырған болса, Ташкентте Инха университетиниң ашылыўы кадрлар таярлаў миллий системасындағы жаңа бағдардың тырнағын қалады.

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети Чунгнам, Сеул, Ханбат, Гангнеун-Вонжу, Гёнгсанг Миллий университетлери, Инха, Кёнги университетлери, Корея технологиялары ҳәм билимлендириў, Ханкук сырт ел илимлери, политехника университетлери, Гванжу илим ҳәм технологиялар, Корея раўажланыў институтлары, сондай-ақ, Тыныш океаны теориялық физика орайы ҳәм Корея атмосфера орталығы жәмийетлери менен турақлы байланыслар қәлиплескен.

– Билимлендириў мәкемемиз Қубла Кореяның 15 ке шамалас илимий орайы менен бирге ислесиўди жолға қойған, – дейди Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң оқыў ислери бойынша проректоры Д.Жумабоев. – Дерлик 20 жыл даўамында бир қатар илимий симпозиумлар, халықаралық конференциялар өткерилди. Еки мәмлекеттеги жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларының өз-ара тәжирийбе алмасыўы жолға қойылды. Бул илажларда студентлер де белсене қатнаспақта. Тәжирийбе соны көрсетеди, еки тәрептиң бир-биринен үйренетуғын тәреплери көп. Әсиресе, компьютер технологияларын ҳәм мәлимлеме-коммуникация системасын шөлкемлестириў бағдарындағы жаңалықлар дыққатқа ылайық.

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылында Корея Республикасы менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиў мақсетинде Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институтында корейс филологиясы кафедрасының жумысы жолға қойылған. Өткен жыллар даўамында Өзбекстанда корейстаныўды раўажландырыўдың дәслепки басқышында миллий кадрларға талап жүдә жоқары болған болса, ҳәзирги күнде бул мәселе толық шешимин тапты. Елимиздеги филолог-корейстаныўшыларды таярлайтуғын бирден-бир орай есапланатуғын жоқары билимлендириў системасында бүгинги күнге шекем корейс тили ҳәм лингвистикасы және әдебияты бойынша бир қатар илимий жумыслар алып барылып, жетик қолланбалар басып шығарылды. Шығыстаныў институтының студентлери Сеул ҳәм Гёнгсанг Миллий университетлеринде миллий излениў ҳәм көнликпелерин байытып келди.

Илимий бирге ислесиў бағдарындағы қатнасықлар да жаңа басқышқа көтерилди. Өткен дәўирде еллеримиз тарийхын, мәдениятын изертлеў тараўында үлкен жетискенликлерге ерисилди. Еки ел бир-бирин жақыннан үйренди, таныды, бир-бирине қызығыўшылығы артты. Ташкентте Инха университетиниң ашылыўы бул жақынлықты буннан былай да беккемленди.

Усы жоқары оқыў орнының пайда болыў тарийхы ағартыўшылыққа итибар, өз қәдир-қымбатын түсиниўге айқын мысал бола алады. Тәғдирге бола АҚШтың Гавая штатына барып қалған корейслер өз ана қалалары Инчеонда жеке қаржылары есабынан усы жоқары оқыў орнын шөлкемлестириўге кириседи ҳәм оны «Инха» (Инчеон ҳәм Гавая сөзлериниң биринши буўынынан) деп атаўға қарар етеди. 1952-жылдан жумыс ислеп атырған бул оқыў орны заманагөй кадрлар таярлаўда өзине тән потенциалға ийе. Әне усы абыройлы жоқары оқыў орнының 2014-жылы Ташкентте Орайлық Азиядағы бирден-бир филиалы ашылды. Оны шөлкемлестириўден мақсет жәмийет ҳәм миллеттиң раўажланыўы ушын, елимизде мәлимлеме технологиялары тараўын раўажландырыў жолында өз үлесин қоса алатуғын, жоқары қәнигели, ҳәр тәреплеме бәркамал қәнигелерди жеткерип бериў болып есапланады. Жоқары билимлендириў мәкемесиниң өз алдына қойған тийкарғы ўазыйпадан келип шығып, студентлерге халықаралық стандартлар тийкарында билим бермекте. Ҳәзирги ўақытта университет жанында магистартура шөлкемлестирилген, бакалавриат бағдары электрон бизнес тараўы менен кеңейтилген.

– Логистика заманагөй коммуникацияның жаңа көринислеринен бири. Дүнья экономикасында оған талап күшли, – дейди «Логистика» бағдарының үшинши басқыш студенти Гамзат Тешаев. – Мен Кореяда билим ҳәм көнликпемди арттырып, компьютер дизайны, бағдарлама тили, операциялық системалар, микропроцессор ҳәм тараўдың жетискенликлерин толық үйренбекшимен. Нийетим – Өзбекстанда компьютер тили ҳәм бағдарлама системасының раўажланған мәмлекетлер логистикасы дәрежесине шығыўында өз үлесимди қосыў.

Ҳәзир Ташкент қаласындағы Инха университетинде 700 ге шамалас студент билим алмақта. Питкериўшилерге Өзбекстанда жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Инха университети (Корея Республикасы)ниң белгиленген үлгидеги дипломы бериледи. Қәбилетли студентлер ушын көплеген жеңилликлер бар. Кириў имтиханларында ең жақсы нәтийже көрсеткен 10 студент бийпул оқыў ҳуқықына ийе болады. Сондай-ақ, оқыў семестриниң жуўмақлары бойынша ең жақсы нәтийже көрсеткен және 10 студент кейинги семестрде бийпул оқыў ямаса семестр ушын төлемниң ярымынан азат болыў ҳуқықын қолға киргизеди. Инха университети экономикаға өз билими менен хызмет етеуғын маман кадрларды жеткерип береди.

Стастикалық мағлыўматларға қарағанда, соңғы бес жыл ишинде Қубла Кореядағы Инха университетин питкерген студентлер Samsung, LG Electronics, Hyundai, Samsung SDS, LG CNS, MBN, Sambo Computers, Lotte Information and Communications сыяқлы дүньяның абыройлы корпорацияларында, сондай-ақ, ҳүкимет мәкемелери, қаржы агентликлери, илимий-изертлеў лабораториялары, мектеп ҳәм басланғыш компанияларда өз қәбилетин көрсетип келмекте. Быйыл олардың қатарына Ташкенттеги Инха университетиниң тунғыш питкериўшилери де қосылады.

Елимизде Қубла Корея менен байланысларды беккемлеў жолында көплеген мәдений илажлар өткерилип, бул дос ел менен жақын орталық жаратылып атырған болса, Қубла Кореяда да сол сыяқлы илажлар кең көлемде шөлкемлестириледи. Соның ишинде, жоқары оқыў орынларында өзбек тилин үйрениўге қәнигелескен бағдарлар күн сайын көбеймекте. Улыўма мақсети бирдей, нийетлери жақсы еки ел арасындағы мәдений бирге ислесиў ҳәр қыйлы тараўларда жедел раўажланбақта.

Дилобар МАМАТОВА,

ӨзАның хабаршысы