Районлық көп тармақлы поликлиникасының арқа тәрепиндеги Өзбекстан көшесинде бой тиклеп атырған бул имарат келеси жылы пайдаланыўға тапсырылады. Ҳәзирги ўақытта «Қарақалпаққурылысмонтаж» ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен емлеўхананың 2-этажында өриў жумыслары алып барылмақта, деп жазады район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты.

 

 

– Жаңадан қурылып атырған емлеўхана имараты 3 этажлы 70 орынға мөлшерленген болып, сметалық баҳасы 5 миллиард 611 миллион сумды қурайды. Бүгинги күнде 1 миллиард 300 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды. Келеси жылға емлеўхана имаратын пайдаланыўға тапсырамыз, буған имканиятларымыз жеткиликли, – дейди «Қарақалпаққурылысмонтаж» ЖШЖ прорабы Қоңыратбай Нурымбетов.

Қурылыс жумысларында 40 қа шамалас шебер қурылысшылар жумыс ислемекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги