Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 21-июнь күни тармақлар ҳәм аймақларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың жағдайы, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў нәтийжелериниң анализине арналған видеоселектор жыйналысы болып өтти, деп жазады Kun.uz сайты.

Жыйналыста Президент Ташкент ўәлаятының ҳәкими Ғуламжан Ибрагимовтан есап қабыл еткен. Сәўбет даўамында Президент ўәлаят ҳәкиминен пахта кластерлери бойынша пикирин сораған.

Сәўбетте Президент пахта теримин ҳәзирден баслап өткен жылғы тәжирийбеден келип шығып, орын-орынына қойыў кереклиги, енди мектеп, колледж, емлеўхана, жоқары оқыў орынлары – ҳеш қайсысы пахта теримине шықпайтуғынлығын және бир мәрте айтып өтти.

– Маған керек емес, ондай пахта да, бундай табыслар да. Өмир бойы өзимиз өзимиздиң абыройымызды төгип келдик. Бары-жоғы бир миллиард еки жүз миллион сум туратуғын нәрсе ушын пүткил дүньяға шерменде болғанбыз. Балалар мийнети, мәжбүрий мийнет. Кимге керек еди бул? Маған улыўма керек емес, атызда қалып кеткени мақул еди оннан да. Кластер өзи терип алсын, өзи сатсын, – деп айтқан Президент.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги