Қанлыкөл районы  колледж питкериўшилерин ҳәм жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде район ҳәкимлиги, район прокуратурасы, бәнтликке көмеклесиў орайы, мәмлекетлик салық инспекциясы, коммерциялық банклердиң районлық бөлимлери менен биргеликте Санааттранспорт кәсипөнер колледжинде  бос жумыс орынлары мийнет  ярмаркасы өткерилди, деп жазады район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты.

 

 

Қанлыкөл районы аймағындағы 74 кәрхана ҳәм мекемелер жәми 204 бос жумыс орынлары ҳәм вакант лаўазымлары менен қатнасқан мийнет ярмаркасында  103 колледж жаслары ҳәм пуқаралар қатнасты.

 

 

Мийнет ярмаркаларында усынылған бос жумыс орынларына 76  колледж питкериўшиси жумысқа орналасыўы ушын жолламалар берилип, бәнтлиги тәмийинленди.

Сондай-ақ, 27 жасларға тараў қәнийгелери тәрепинен коммерциялық банклерден жеңиллетилген кредитлер алыў бойынша толық мағлыўматлар ҳәмде мәсләҳәтлер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги