Усы жыл 18-июнь күни Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Матёқубова туўылған күниниң  70 жыллығы мүнәсибети менен шайырдың «Өзбекстан» баспасында жарық көрген үш томлық «Таңламалы шығармалар топламы» таныстырыў кешеси өткерилгени ҳаққында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баспасөз хызмети хабар берди.

 

Илажға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшылары, халық шайырлары, әдебияттаныўшылар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жас дөретиўшилер қатнасты.

Онда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының биринши орынбасары Минҳожиддин Мирзо, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Кәримов, филология илимлериниң докторы К.Қурамбаев, «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлими Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, «Жәҳән әдебияты» журналы бас редакторы А.Мелибоев ҳәм басқалар сөзге шығып, Гүлистан Аннақиличеваның (Матёқубова) дөретиўшилигине, шығармаларына кең түрде тоқтап өтти.

 

Гүлистан Аннақиличева (Матёқубова) республикамызда белгили дөретиўши инсан, журналист ҳәм өз тараўының жетик қәнигеси сыпатында белгили. Оның 26 поэзиялық ҳәм прозалық топламлары Ташкент ҳәм Нөкис қаласындағы баспаларда өзбек, қарақалпақ, рус тиллеринде баспадан шыққан.

Сондай-ақ, шайырдың қосықлары Түркиядағы альманахларда түрк тилинде, Түркменстандағы басылымларда түркмен тилинде, Германияда 2002-жылы баспадан шыққан «Шарқ шеърияти» китабында немис тилинде шықты. Шайырдың бул шығармаларында заман руўхы, ғәрезсизлик идеялары, елимиз тарийхы, халқымыздың мийнеткешлиги, әсиресе, Қарақалпақстанның раўажланыўында садықлық ҳәм пидайылық, меҳир-мухаббат пенен сәўлелендирген.

Сондай-ақ, шайырдың бир неше шығармалары рус тилине аўдарма исленип, китап болып баспадан шықты. Бул китаплары интернет сайтларында жәрияланып, 300 ден аслам поэзиялық ҳәм прозалық шығармалыры ушын Москвадағы «Искусство народов мира» халықаралық Ассоциациясының лауреаты атағын алды.

Г.Аннақиличева (Матёқубова) дөретиўшилигинде қарақалпақ әдебиятында аўдармалары айрықша орынды ийелейди. Сондай-ақ, ол киносценарист сыпатында да жетискенликке ерисип келмекте.

Г. Аннақиличева 2011-жылы өзиниң ғәрезсизлик жылларында дөреткен ана-Ўатан, халқымыздың азат ҳәм абат турмысы ҳаққындағы бир қатар публицистикалық шығармалары ҳәм қосықлары киргизилген «Ватан руҳи» китабы менен ғәрезсизликтиң 20 жыллығына бағышланып өткерилген «Ең уллы, ең әзийз» республикалық таңлаўында жеңимпаз болды.

Г.Аннақиличева (Матёқубова) 2006-жыл Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң «Гүлайым» газетасына, 2011-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының  «Қарақалпақ әдебияты» газеталарына тийкар салды ҳәм бүгинги күнде газеталар өз оқыўшысына ийе.

Г.Аннақиличева (Матёқубова)  дөретиўшилк пенен бирге, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларда, түрли жуўапкершилили лаўазымларда белсенди мийнет етпекте. Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесинде, Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасында депутат болып сайланды. 2015-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы.

 

Шайырдың үш томлық «Таңламалы шығармалар топламы»нда оның ўатанға, халыққа, пүткил инсаният ҳәм тәбиятқа болған шын жүректен меҳир-мухаббатын билдириўши қосықлар ҳәм дәстанлары, публицистикалық мақалалары орын алған.

Илаж қатнасыўшыларына жас талант ийелери тәрепинен шайырдың қосықлары оқылды. Көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы