Қанлыкөл районында «өзгеше» естелик бой тикледи. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

Естелик «Билимсиз ҳәм ериншек инсанның жәмийеттеги орны» деп аталады. Бунда жүзеге келген азлы-кем қыйыншылықлар алдында бас ийип,  ҳеш қандай мақсетке умтылмайтуғын, китап оқымайтуғын, мийнет ислеўди қәлемейтуғын, бийпәрўа инсанлардың халқымыз арасында ҳәм жәмийетимиздеги «ийелеген» орны сәўлеленген. Бундай инсанның орны тек ғана – бослық, – деп жазылған хабарда.

 

 

Бул өзгеше естелик халқымыз, жасларымыз ҳәм балаларымыз арасында да үлкен қызығыўшылық оятпақта. Естелик орнатыўдан баслы мақсет – халқымызды, әсиресе, жасларымызды китап оқыўға, билим алыўға, өмирде ушырасқан қыйыншылықларды мәрдана жеңип өтиўге, мийнет етиў арқалы халқымыз арасында ҳәм жәмийетимизде өзиниң ылайықлы орнын табыўға умтылыў ушын руўхландырыўдан ибарат.

Еслетип өтемиз, буннан алдын Қанлыкөл районындағы «Бахытлы» дем алыў паркинде «Китаплар естелиги» монументи орнатылғанлығы ҳаққында хабар берилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги