Жоқары оқыў орнына тапсыраман, деген ҳәр бир талабанды жақынласып киятырған тест сынақлары ҳаққындағы жаңалықлар қызықтыратуғыны сөзсиз. Оларды усындай жаңалықлардан хабардар етиў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасы  бойынша турақлы ўәкили Музаффар Абдуллаевтан қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-ноябрьдеги «Республика жоқары оқыў орынлары бакалавриатына кириў тест сынақларын өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарары менен 2018-2019 оқыў жылынан баслап кириў тест сынақларының ашық-айдынлығын ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў мақсетинде оларды үлкен көлемдеги имаратларда,  видеобақлаў арқалы кең жәмийетшиликке онлайн түринде бақлап барыў имканиятын жаратқан ҳалда өткериў, тест сынақларының нәтийжелерин тест өткерилген күнниң ертеңине жәриялаў белгиленди. Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли қарарлары  ҳәм илажлары тастыйықланды, сондай-ақ, Мәмлекетлик тест орайының буйрықлары, тапсырмалары, тийисли нормативлик ҳүжжетлерине әмел еткен ҳалда 2018-2019-оқыў жылы ушын тест сынақларын өткериў жумыслары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилмекте. Республикамызда тест сынақлары еки объекте пайтахтымызда жаңадан қурып питкерилген Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары дәрежели спорт мектеби, Нөкис Олимпиада резервлери колледжиниң еки спорт залында өткериледи. Талабанлар тест сынақларын 2 сменада тапсырады ҳәм олардың ата-аналары тест процесин онлайн түринде бақлап барыўы ушын шараятлар жаратылады. Тест сынақлары 1-августтан 15-августқа шекем болып өтеди.

Ҳақыйқатында да, быйылғы тест сынақларындағы көплеген өзгешеликлер барлық ўатанласларымызға мақул келетуғынына гүман жоқ. Себеби, талабанлар  тест нәтийжелери қашан жәрияланады, деп күн санап жүрместен, тест тапсырылған күнниң ертеңине-ақ кирген-кирмегенлигин билип алыўына болады.

З.Абубакирова,

ҚМУ студенти