Билимли жасларелимиз раўажланыўының тийкар­ғы күши. Сол ушын оларды таңлап алыўда тест сынақларының әдалатлы ҳәм тәртипли өтиўи әҳми­йетли мәселе. Бул мәселеде ҳәр жылы болып өткен тест сынақлары нәтийжелерине қарап тәжирийбеге бола айырым жаңалықлар енгизилетуғыны да тәбийғый.

2017-жыл 16-ноябрьдеги «Республика жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриатына кириў тест сынақларын өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 20-февральдағы «Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик тест орайы жумысын және де жетилистириў ҳаққында»ғы қарарларына бола тест сынақларын өткериў тәртибине өзгерислер киргизилди. Бул жаңалықлардан газета оқыўшыларын хабардар етиў мақсетинде мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан бөлими бас қәнигеси Дәўлетбай Көшкинбаевтан сораўларымызға жуўаплар алдық, деп жазады «Еркин Қарақалпақстан» газетасы.

— Быйылғы тест сынақларының өтиў тәртиби ҳаққында кеңирек түсиник берсеңиз?

— Жаслар келешекте мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўын, турмысымыздың гүллеп-жаснаўын тәмийинлейди. Бул жолда олардың билимин, уқыбын дурыс баҳалап, жәмийетимизге керекли қәнигелер болып жетисиўин тәмийинлеў баслы мақсетимиз. Быйылғы жылы да Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Минис­трлер Кабинетиниң қарарлары менен тест сынақларын өткериў тәртибине өзгерислер киргизилди.

Усы жаңалықлардың бири — быйылғы оқыў жылына студентлерди қабыллаў тест сынақлары бурынғыдай 1-август күни емес, 1-августтан 15-августқа шекемги мүддетте еки сменада болып өтеди. Биринши смена саат 8.00 де, екинши смена 15.00 де басланады.

Жыл сайын жоқары оқыў орынларына кириў ушын тест сынақларын тапсырыўшы абитуриентлер саны орташа 10 процентке көбейип бармақта. Усыған байланыслы тест сынақлары барысында мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен келисилген жағдайда бақлаўшылар саны ҳәм тест сораўлары материалларын сапалы таярлаўға байланыслы жумыслар көлеми де артпақта. Быйылғы оқыў жылынан баслап тест сынақларын өткериўдиң анықлығы ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў, оларды үлкен, кең сыйымлылықтағы имаратларда видеобақлаўлар арқалы кең жәмийетшиликке онлайн тәризинде бақлап барыў имканиятын жаратқан жағдайда өткериў, тест нәтийжелерин тест сынақлары өткерилген күнниң ертеңине рәсмий веб-сайтта жәриялап барыў белгиленди.

Республикамызда тест сынақлары еки орында: пайтахтымыздағы Олимпия резервлери колледжи ҳәм «Айдын жол»дағы Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бо­йынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде болып өтеди.

Абитуриентлер тест сынақлары болып өтетуғын күни имаратқа биринши сменада саат 7.00 де, екинши сменада саат 13.00 де рухсатнама ҳәм паспорты менен жетип келиўи шәрт. Тест сынақлары 15 күн даўамында белгиленген кесте тийкарында болып өтеди.

Тест сынақлары өткен жылларда ҳәр блок ушын 36 сораў болған болса, быйыл­ғы жылдан баслап 30 сораўдан үш блокта 90 сораў болады. Тест сораўларын шешиў ҳәм белгилеў ушын 30 сораўға бир саат, еки блок ушын 60 сораўға еки саат, үш блок ушын 90 сораўға үш саат ўақыт бериледи.

Тест сынақлары ўақтында микрокалькулятор, сөзлик, кесте, китап, уялы телефон, компьютер, телекоммуникация қурылмалары, шпаргалкалар алып кириўге ҳәрекет етсе, пайдаланса, басқа абитуриентлерге жәрдем берсе, тест сынақларының тәртипли өтиўине кесент берген жағдайларда шығарып жибериледи.

— Көпшилик арасында быйылғы болып өтетуғын тест сынақлары ҳаққында ҳәр қыйлы пикирлер айтылмақта. Булардан басқа және қандай өзгерислер бар?

— Халық арасында болып өткен ушырасыўларда: Үш блоктан тест сынақлары үш күнде бола ма? Бурын питкерген жаслар екинши, үшинши, төртинши жыллары тапсырса ең кем ис ҳақы муғдарында төлем төлей ме? Бурынғы 3,1; 2,1;  1,1 балл быйылғы тест  сынақларында 3, 2, 1 балл менен баҳаланатуғын болды ма? деген көплеген сораўлар түседи.

Ҳақыйқатында, тест сынақларының әдалатлы ҳәм тәртипли өтиўи, соның менен бирге абитуриентлерге қолайлылық туўдырыў, ата-аналар арасында нарыйзалықлар болмаўы ушын ҳәр жылы бурынғы болып өткен тест сынақлары тәжирийбесинен келип шыққан жағдайда жаңалықлар енгизилмекте.

Ҳәр күни еки сменада тест сынақлары болып өтетуғын болса, абитуриент белгиленген графикте сол күни, сол сменада үш блоктан да тест тапсырыўы белгиленген. Мәселен, белгиленген кесте бойынша сол күни үш блоктан да тест тапсырыўы мүмкин. Орта арнаўлы мағлыўматқа ийе бол­ған жаслар нешинши мәрте оқыўға тапсырса да ҳеш қандай төлем төлеўи белгиленбеген. Демек, олардың билим алыўға болған ҳуқықы шекленбеген.

Тест сынақларындағы биринши блоктағы сораўлар 3,1; екинши блоктағы сораўлар 2,1;  үшинши блоктағы сораўлар 1,1 балл менен бурынғысынша баҳаланады. Егер де, тест сынақларының тәртипли ҳәм әдалатлы өтиўинде нарыйзалықлар болса 20-августтан 30-августқа шекемги мүддетте аппеляциялық арза менен мүрәжат етиўи мүмкин.  

Улыўма алғанда ҳәр түрли гәп-сөзлерге емес, абитуриент өз билимине  исенсе, әлбетте, студентлер қатарында болады.

Гүрриңлескен: Бийбижамал  КАРАМАТДИНОВА.