Қазақстан Республикасының Ақтөбе ўәлаяты ҳәкими Бердибек Сапарбаев басшылығындағы  делегация пайтахтымызға келди. Мийманларды Нөкис халықаралық аэропортында салтанатлы түрде күтип алды.

Қарақалпақстан Республикасының экономикалық потенциалы менен танысыў ҳәм бирге ислесиў жумысын еле де раўажландырыў болып табылады. Сапар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ақтөбе ўәлаяты рәсмий делегацияларының ушырасыўы, еки тәрептиң жумысшы топарларының қатнасыўында бизнес-форум өткерилиўи, елимиздиң инвестициялық ҳәм туристлик жойбарлары көрсетилиўи режелестирилген.

Мийманлар Бердақтың естелигине ҳәм қазақ шайыры Төлеген Айбергеновтың қәбирине гүл қойып, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алып атырған студент-жаслар  менен ушырасыўы нәзерде тутылған. Сондай-ақ, Хожели районындағы логистика орайына, пайтахтымыздағы «Samsung» ЖШЖ кәрханасына ҳәм И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейине барады.

Рәсмий сапар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театрындағы Ақтөбе ўәлаяты  көркем өнер шеберлериниң гала-концерти менен жуўмақланады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 49 адамнан ибарат бул делегация қурамынан Ақтөбе ўәлаяты ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери менен бирге көркем өнер шеберлери де орын алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги