Усы жыл 18-19-20-июнь күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер жәмийетиниң ағзалары арасында спорттың шахмат-шашка түри бойынша жарыс өткерилди.

Жарысты өткериўдеги мақсет – республикамызда көзи әззилер жәмийет ағзаларының спортқа қызығыўшылығын арттырыў, саламатлығын беккемлеў ҳәм күшли спортшыларды жәмийеттиң сайланды команда қурамына муўапықластырыўдан ибарат.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 200 ден аслам спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында шахмат бойынша хожелиши Қ.Жакашов биринши, нөкисли А.Досжанов екинши, төрткүлли Қ.Юсупов үшинши орынды ийелеген болса, шашка бойынша шымбайлы Н.Тилеўмуратов биринши, нөкисли Д.Сулайманов екинши, нөкисли Ю.Саидов үшинши орын жеңимпазы деп табылды.

Шашка бойынша ҳаял-қызлар арасында нөкисли А.Қурбаниязова биринши, нөкисли Л.Абдижамилова екинши, хожелиши Қ.Сәрсенбаева үшинши орын жеңимпазлары болып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги  студенти