Ҳәр жылы республикамызда 23-июнь-«Халықаралық олимпиада күни» жоқары көтериңкилик руўхта өткериледи.

Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласындағы Миллий стадионында спорттың жуўырыў түри бойынша жарыс өткериледи.

Онда республикамызда өткерилген басқышларда жеңимпаз болған  30 спортшы  қатнасады.

Жарыс жеңимпазлары Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң диплом ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен таярланған естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы