Көпшилигимиз алып-сатыў ҳәм басқа себеплер менен кадастрлық жумыслар және көшпес мүлк объектлерине кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў мәселесине дус келгенбиз. Бул хызметлер ушын неше сум төлениўи керек? Asr.uz сайты усы ҳаққында жазды.

Бул хызметлердиң баҳасы Министрлер Кабинетиниң Кадастр ҳүжжетлерин таярлаў бойынша мәмлекетлик хызметлердиң баҳаларын белгилеўде класларға бөлинген форманы жетилистириў ҳаққындағы қарары тийкарында белгиленген.

Қарар тийкарында, кадастрлық жумыслар ҳәм көшпес мүлк объектлерине кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша мәмлекетлик хызметлердиң баҳалары төмендегише етип белгиленген:

 

1. Көшпес мүлк объектлериниң турақ жай болмаған имарат ҳәм сооружениелерге тийисли бөлимине кадастрлық жумыс ҳәм кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў.

Улыўмалық майданы 100 кв.м.ге шекемги болған көшпес мүлк – 215 300 сум;

Улыўмалық майданы 100 кв.м. ден 1000 кв.м.ге шекемги болған көшпес мүлк – объекттиң 1 кв.м. ушын 43 060 сум;

Улыўмалық майданы 1000 кв.м.ден 5000 кв.м.ге шекемги болған көшпес мүлк – 645 900 сум;

Улыўмалық майданы 5000 кв.м.ден 15000 кв.м.ге шекемги болған көшпес мүлк – 1 291 800 сум;

Улыўмалық майданы 15000 кв.м.ден 50000 кв.м.ге шекемги болған көшпес мүлк – 2 153 000 сум;

Улыўмалық майданы 50000 кв.м.ден артық болған көшпес мүлк – 3 014 200 сум.

 

2. Көшпес мүлк объектлериниң турақ жай фондына тийисли бөлимине кадастрлық жумыс ҳәм кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў.

Көп квартиралы үйдеги квартира – объекттиң 1 кв.м. ушын 43 сум 60 тийин;

Жеке тәртиптеги турақ жай – объекттиң 1 кв.м. ушын 430 сум 60 тийин.

 

3. Жер участкаларына кадастрлық жумыс ҳәм кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў.

Жер участкасын ажыратыў бойынша жумыс болғанда жеке тәртиптеги турақ жай қурыў ушын ажыратылған жер участкасы – бийпул;

Жер участкасын ажыратыў бойынша жумыс болмағанда жеке тәртиптеги турақ жай қурыў ушын ажыратылған жер участкасы – 215 300 сум;

Дийқан хожалығын жүргизиў ушын ажыратылған жер участкасы – 215 300 сум;

Турақ жай болмаған объектлерди қурыў ушын ажыратылған жер участкасы – 215 300 сум;

Аўыл хожалығы талаплары ушын ажыратылған жер участкасы – 430 600 сум.

 

Еслетип өтемиз, баҳалар ҳәзирги ўақыттағы ең кем айлық мийнет ҳақы – 172 240 сум муғдарында есапланды. Орнатылған ең кем айлық мийнет ҳақы өзгергенинде хызметлердиң баҳасы да сәйкес түрде өзгереди.

Бунда улыўмалық майданды анықлаўда барлық имаратлар ҳәм сооружениелердиң улыўмалық майданы есапланады. Кадастрлық жумыс жойтылғанда (жарамсыз ҳалға түскенде) оның нусқасы (дубликаты)н таярлаўдың баҳасы көшпес мүлк объектиниң көрсеткишлери өзгертилместен, хызметлердиң улыўмалық баҳасының 50 процентин қурайды. Кадастрлық жумысты жаңалаў зәрүрлиги жүзеге келгенде жаңадан шөлкемлестирилген (реконструкцияланған) көшпес мүлк объектлери хатлаўдан өткериледи.

 

Соның менен төмендеги мәмлекетлик хызметлер БИЙПУЛ әмелге асырылады:

Көшпес мүлкке болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимге алыў;

Көшпес мүлк объектлерин ижәраға бериў шәртнамаларын мәмлекетлик дизимге алыў;

Ипотека ҳәм ипотека шәртнамаларын мәмлекетлик дизимге алыў;

Имарат ҳәм сооружениелердиң тийислилиги ҳәм қурамы ҳаққында мағлыўматнамалар бериў, атап айтқанда, басқаға өткерилип атырған ямаса мийрас бойынша өтип атырған имарат ҳәм сооружениелердиң әмелдеги қурамын ҳәм жағдайын анықластырыў мақсетинде оларды натурада үйрениў;

Жеке турақ жай барлығы (жоқ екенлиги) ҳаққындағы мағлыўматнамаларды бериў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.