Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 1718-июнь күнлери Төрткүл районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде  «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларыды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып, спорттың гүрес түри бойынша 20042006-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан жәми 200 ден аслам спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында жас өспиримлер арасында 33кг салмақта қоңыратлы Ҳ.Йўлдашов, 36кг салмақта нөкис районынан П.Ережепов, 40кг салмақта қоңыратлы Р.Қыдырбаев, 44кг салмақта қоңыратлы Ш.Сырлыбаев, 48кг салмақта хожелиши  Ж.Исмайлов, 52кг салмақта хожелиши А.Айтбаев, 56кг салмақта төрткүлли Ү.Сапаров,  60кг салмақта төрткүлли И.Табаков, 65кг салмақта Нөкис қаласынан Б.Абатбаев, +65кг салмақта хожелиши С.Абдуллаевлар бириншиликти ийелеген болса, қызлар арасында 30кг салмақта төрткүлли А.Маткаримова,  33кг салмақта қараөзекли  Д.Бахытбаева, 36кг салмақта шымбайлы Ж.Жолмуратова, 40кг салмақта төрткүлли А.Жумағалдиева, 44кг салмақта Нөкис қаласынан Г.Таңирбергенова,  48кг салмақта Нөкис қаласынан А.Медетбаева, 52кг салмақта қараөзекли Н.Дүйсенбаева, + 52 кг салмақта Нөкис қаласынан А.Жалғасбаевалар биринши орын ийелери деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Жарыс жеңимпазлары 1-10-июль күнлери аралығында Жиззақ ўәлаятында өткерилетуғын Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ студенти