Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика бакалавр бағдары ушын 2018-2019-оқыў жылында жәми 40 студент (соннан 10 мәмлекетлик грант, 30 төлемли контракт тийкарында) қабыллаў режелестирилгени ҳаққында хабар берген едик.

Тастыйықланған мағлыўматларға қарағанда, усы квота шеңберинде өзбек топары да ашылыўы режелестирилген. Анықлаў етип айтқанда, ажыратылған 40 орынның 15 и өзбек топары ушын ажыратылады. Бунда 4 мәмлекетлик грант, 11 төлемли контракт тийкарында студентлерди қабыллаў белгиленген.

Мағлыўмат ушын, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Өзбекстан көлеминде жоқары мағлыўматлы журналист кадрларды таярлайтуғын екинши жоқары оқыў орны (ӨзМУдың журналистика факультети ҳәм ӨзМЖТУдың халықаралық журналистика факультети тийкарында ашылған Өзбекстан журналистика ҳәм ғалабалық коммуникация университетинен кейинги – И.М.) есапланады. 35 жылдан аслам тарийхқа ийе журналистика кафедрасында быйылғы жылы биринши мәрте өзбек топары ашылып атырғаны да усы тараўда жетик қәнигелерди таярлаўды жоқары басқышқа көтериўи күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.