Мүбәрек Рамазан айы көплеген қайыр-сақаўат ислерин әмелге асырыў, яғный, жәрдемге мүтәж, кем кеўил инсанлардың жағдайынан хабар алыў, шаңарақларда мийрим-шәпәәт сезимлерин қәлиплестириў, зыярат орынларын абаданластырыў сыяқлы илажлардың әмелге асырылыўы менен де әҳмийетли болды. Усы күнлерде де қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте.

Усындай илажлардың бири Шымбай «Мүриўбет» майыплығы болған ер адамлар интернат үйинде болып өтти. Илаж Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилди.

Байрам дастурханы жайылып, кеўилге жақын нама-қосықлар ҳәм аяқ ойынлар атқарылған илажда «Мүриўбет» үйиндеги инсанларға азық-аўқатлық затлар ҳәм кийим-кеншеклер берилди.

Бундай илажлар жәмийетимизде мийрим-шәпәәт, адамгершилик, кең пейиллик ҳәм жақсылық сыяқлы пазыйлетлерди еле де күшейтиў менен бирге адамларды саўаплы ислерге шақыратуғынына гүман жоқ.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги