Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2018-2019-оқыў жылына  бакалавр тәлим бағдарына жәми 2290 студент (соннан, 570 и мәмлекетлик грант тийкарында, 1720 сы төлемли контракт тийкарында), магистратура бағдарына жәми 113  магистрант (соннан, 33  мәмлекетлик грант тийкарында, 80 төлемли контракт тийкарында) оқыўға қабыл етилетуғынын дағазалады.

Быйылғы  оқыў  жылында жаңадан  ашылған бакалавр тәлим бағдары: туризм (хызмет бағдарлары бойынша), магистратура бағдары: философия (қолланыў тараўы), дифференциаллық теңлемелер ҳәм математикалық физика ашылды.

Жумыс  бериўшилердиң усыныслары тийкарында арнаўлы сыртқы бөлимге 24, кешки бөлимге 8 студентти бакалавр бағдарына оқыўға қабыллаў режелестирилмекте.

Сыртқы ҳәм кешки бөлимде оқытыў төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады.

Сондай-ақ,  бул дәргайда 2018-2019-оқыў жылында майыплығы болған шахсларға 31 бакалавр тәлим бағдары бойынша 46 орын ажыратыў нәзерде тутылған.

Мағлыўмат орнында соны да айтып өтиўмиз керек, быйылғы тест сынақлары Нөкис олимпия резервлери колледжи ҳәм пайтахтымыздағы Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген жоқары спорт шеберлиги мектебинде өткериледи.

 

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-курс студенти.