Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына келеси 2018-2019-оқыў жылы ушын қабыллаў квоталары тастыйықланды. Барлық жоқары оқыў орынлары сыяқлы бул дәргайда да усы жылдың 16-июнь күнинен баслап қабыллаў комиссиясы өз жумысын баслады.

2018-2019-оқыў жылы ушын филиалда «Көркем өнертаныў: сахна ҳәм экран көркем өнер драматургиясы», «Актёрлық өнери: драма театры ҳәм кино актёрлығы өнери», «Режиссёрлық: қуўыршақ театр режиссёрлығы», «Техноген көркем өнери: кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы», «Кинотелеоператорлық», «Халық дөретиўшилиги: вокал жәмәәтлерине басшылық», «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» ҳәм «Мәлимлеме китапхана жумысы: китапханашылық ҳәм библиография» бағдарлары бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлер қабылланбақта.

Келеси оқыў жылы ушын жәми 95 студент, соннан 27 мәмлекетлик грант, 68 төлемли контракт тийкарында студентлерди қабыллаў режелестирилген.

Еслетип өтемиз, быйылдан баслап филиалға студентлер тек ғана дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар арқалы қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.