Ташкентте «Көшпелилер жолы» халықаралық Мотокәрўан қатнасыўшылары менен ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қырғызстанның елимиздеги елшиханасы ҳәм Орайлық Азия мотоциклшилери ассоциациясы менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған бул жойбарға Өзбекстан, Қырғызстан, Қазақстан, Россия, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерден 300 ден аслам қатнасыўшы қатнаспақта.

Пүткил жәҳән көшпелилер ойыны шеңберинде өткерилип атырған бул илаж Орайлық Азия халықлары арасындағы әзелий дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын буннан былай да беккемлеў, регионда туризмниң раўажланыўын хошаметлеў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге қаратылған.

Мотокәрўан қатнасыўшылары Ташкент қаласының дыққатқа ылайық орынларында болып, елимиздиң бай тарийхы, мәдений мийрасы, үрип-әдетлери ҳәм дәстүрлери менен жақыннан танысты. Буннан соң мийманлар ветеранлар, жаслар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасты.

Орайлық Азия мотоциклшилер ассоциациясының баслығы Асхат Сеитбековтың атап өтиўинше, бул жойбар тек ғана регион халықлары арасындағы әзелий қоңсышылықты сәўлелендирип қоймастан, ал жәмийетлик турмыста дослық, инсаныйлық, мийирим-шәпәәт түсиниклерин үгит-нәсиятлайтуғын социаллық әҳмийетке ийе ўақыя болып табылады.

Бишкек қаласынан жолға шыққан мотокәрўан қатнасыўшылары Алматы – Шымкент – Ташкент жөнелисиндеги сапары даўамында Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болған инсанлардың естелигине ҳүрмет көрсетип, бүгин тири болған ветеранлардың ерлигин және бир мәрте ядқа алды.

Мийманлар қатнасыўындағы мәдений илажлар Самарқанда да даўам етти. Жойбар қатнасыўшылары Регистан майданында, Әмир Темур мавзолейинде болды, қаланың тарийхый-мәдений естеликлери менен танысты.

Мотокәрўан өз сапарын Душанбе – Хўжанд – Ош – Иссикөл бағдары бойынша даўам еттиреди.

Улығбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы