15-июнь күни Мүбәрек Рамазан ҳайты мүнәсибети менен республикамыздағы барлық 50 жомъе мешитинде ҳайыт намазлары оқылып, оларға 15 мыңнан аслам журтласымыз қатнасты.

Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы Имам Ийшан Муҳаммед жомъе мешитинде өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов жыйналғанларды мүбәрек Рамазан ҳайыты байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳәм Рамазан ҳайтын белгилеў ҳаққындағы қарарлары тийкарында республикамызда кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Бул қарарлар қайыр-сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәттиң тымсалы болған мүбәрек Рамазан айының турмысымыздағы тутатуғын орнын ҳәм әҳмийетин беккемлеўге, муқаддес динимиздиң инсан тәрбиясындағы ролин улығлаўға, оның тынышлық, кеңпейиллик, шүкиршилик сыяқлы идеяларын үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди. Соның менен бирге, диний қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаўға, жасларымызды жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин қәлиплестириў сыяқлы иәгиликли мақсетлерди өзинде жәмлейди. Рамазан айында кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шахсларға, «Меҳрибанлық үйи», Балалар үйи, Мириўбет үйлерине, арнаўлы мектеп-интернатларға  материаллық жәрдем көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық 15-17-июнь – Рамазан ҳайытының биринши үш күниниң байрам сыпатында белгилениўи муқаддес динимиз, миллий қәдириятларымызға болған айрықша итибардың әмелдеги көриниси болды. Байрам мүнәсибети менен Президентимиздиң мийрим-шәпәәт, жақсылық ҳәм сақыйлық әййямы – Мүбәрек Рамазан ҳайыты менен қутлықлаўы ҳәр бир журтласларымызға қуўаныш бағышламақта.

-Байрамды көтериңки рухта өткериў бойынша жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен илажлар ислеп шығылды,-дейди Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Тәжибай Романов.-Республикамыздағы барлық өзин-өзи басқарыў уйымларында айрықша байрам сыпатында белгиленбекте.

Ҳайыт намазынан шыққан журтласларымыз бир-бирин байрам менен қутлықлады. Елимизге тынышлық, халқымызға мол ырысқы-несийбе, дийқанларымызға бәлент қырман тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.