Россияда футбол бойынша жәҳән чемпионаты басланды.

Усы мүнәсибет пенен Россияға сырт еллердиң басшылары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, ФИФА ҳәм оның регионаллық шөлкемлериниң жуўапкер хызметкерлери, қатнасыўшы мәмлекетлердиң сайланды командалары ағзалары, тренерлер, төрешилер, ветеран мийманлар, мыңлаған футбол ышқыпазлары жыйналған, пүткил дүньяның нәзери сол жерге қаратылған.

Басқа спорт түрлерин ҳеш кемситпеген ҳалда атап өтиў керек футбол бойынша жәҳән чемпионатының өзгеше салтанаты, өзине тартымлылығы, сыйқыры бардай.

Неге десеңиз, ҳәммемиз балалығымызда я мектепте, я көшеде бир мәрте болса да топ тепкенбиз. Дерлик ҳәммемиз балалығымызда саўға сыпатында топ алғанбыз. Футбол-балалығымыздың ажыралмас бөлеги, ески қәдирдан. Сол себепли, футболға қызыққан ҳәр бир адам өз Ўатанының сайланды командасында қатнаспаса да жәҳән чемпионатын толқынланып тамаша етеди. Өзи ықласбенти болған команданың жеңисинен қуўанады, жеңилгенинен қапа болады.

Ҳәттеки, футболдан халықлар, мәмлекетлер арасындағы келиспеўшиликлерди шешиў, дүньяда тынышлық орнатыў жолында да әҳмийетли қурал сыпатында пайдаланылғаны атап өтилген. 2006-жылғы жәҳән чемпионаты пайытында БМШтың сол ўақыттағы Бас хаткери Кофи Аннан ҳәм ФИФАның бурынғы президенти Йозеф Блаттер қатнасыўшыларға биргеликтеги мүрәжатты жоллап, онда футболшылардан ҳәм ышқыпазлардан Мыңжыллық декларацияда алға қойылған раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын БМШ тың ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға шақырған.

Соның ишинде, мүрәжатта: «Соңғы бир неше ҳәпте даўамында дүньядағы миллиардлаған инсанлардың дыққат-итибары жәҳән чемпионатына қаратылғанынан пайдаланып, биз футболшыларды ҳәм барлық ышқыпазларды мақсетлеримизге ерисиўде бизди қоллап-қуўатлаўын сораймыз. Келиң, футболдың сыйқырлы күшинен раўажланыў ҳәм тынышлық ушын гүрес жолында пайдаланайық», деп жазылған.

Қашқадәрьялы Бурхан аға деген математика оқытыўшысы бар. Футболдың турақлы ышқыпазы. Қайсы жылы қайсы мәмлекет нешинши орынды алған, голларды кимлер нешинши минутта салған, қандай тәризде қарсы команданың дәрўазасына топ киргизген-ҳәммесин анық айтып береди. Әсиресе, Голландия сайланды командасының садық ышқыпазы. Қайсы бир жылы голландлар жеңилгенде тап өзи жеңилгендей еңиреп жылағанын айтқан еди. Сол ағамыз бир күни: «Өзим математик болсам да, географияны суўдай ишкенмен. Соның ушын футболдан миннетдарман», деген еди. Жасырмайман, өзим де 2002-жылы Япония ҳәм Қубла Кореяда болып өткен жәҳән чемпионатында ғана Африкада Сенегал, деген мәмлекеттиң бар екенлигин билгенмен. Сол жылы Сенегал сайланды командасы өзиниң әжайып ойынлары ҳәм жеңислери менен пүткил дүньяны ҳайран қалдырған еди.

Ҳәр дәўирдиң өз футбол жулдызы болғаны сыяқлы, ҳәр бир ышқыпаздың өз футболшысы бар. Аталарымыз Марадона, Гарринчалардың дәўиринде ер жеткен болса, бизлер Роналдо, Ривалдо, Роналдиньо, Зайниддин Зидан, Тьерри Анри, Фабьиен, Бартес, Дэвид Бэкхэм, Майкл Оун, Руд Ван Нистелрой, Паоло Мальдини, Оливер Канн, Хоқон Шукур сыяқлы өз дәўириниң шебер футболшыларының ойынларын көрип ер жеттик. Бүгин болса, Лионель Месси, Криштиану Роналду, Муҳаммад Салоҳ, Неймар сыяқлы онлаған, жүзлеген футбол жулдызлары өзлериниң усыллары, шырайлы голлары менен футбол сахнасында нур шашпақта.

Ўатанласымыз Равшан Эрматовтың 2010-жылы Қубла Африка Республикасы ҳәм  2014-жылы Бразилияда өткерилген футбол бойынша жәҳән чемпионатларында избе-из қатнасқаны бәршемизге бирдей қуўаныш ҳәм мақтаныш бағышлаған еди. 2010-жылғы чемпионаттың ашылыў мәресимин ҳәм төрт ушырасыўды жоқары дәрежеде басқарып, дүньяға Өзбекстан спортшыларының имканиятын ҳәм қүдиретин көрсеткен өзбек төрешиси Бразилиядағы мундиалда жәми төрт ушырасыўды табыслы басқарды. Р.Эрматов төрешилик жумысы даўамында жәҳән чемпионатларының финал басқышында ең көп- 9 ушырасыўды басқарып, дүнья рекордын орнатты.

Биз буларды не ушын санап өтип атырмыз? Ҳәр биримиздиң футбол жулдызымыз болған ҳәм солардай болыўға умтылғанбыз, демекшимиз. Олар қуўанса, қуўанғанбыз, олар жыласа, жылағанбыз. Футбол кимнендур ибрат алыўға, кимниңдур жақсы тәрепин көриўге үйретеди. Футбол сезимлерди тәрбиялайды.

Халықаралық футбол ассоциялары федерациясы (ФИФА) тәрепинен шөлкемлестирилетуғын ҳәр төрт жыллықтың абыройлы жарысында быйыл дүньяның 209 мәмлекетинен сайлап алынған ең күшли 32 мәмлекеттиң сайланды командасы жеңис ушын беллеседи. Онда ФИФА рефериси Равшан Эрматовтың төрешилик ететуғыны болса бәршемизди бирдей қуўандырмақта.

Бир ай даўамында дүньяның ең күшли сайланды командалары, ең күшли футболшылары миллионлаған ышқыпазлар ушын умытылмас мәўритлерди бағышлайтуғынына гүман жоқ.

Байрам АЙТМУРОДОВ,

ӨзА