Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине байласынлы 14-июнь күни Москва қаласына сапар етти.

Мәмлекетимиз басшысы усы елде болып өтип атырған футбол байрамына тән көтеринки руўхта күтип алынды.

Шавкат Мирзиёев «Лужники» олимпия комплексинде өткерилген футбол бойынша жәҳән чемпионатының ашылыў мәресимине қатнасты.

Мазмунлы идеялық шешим, бийбаҳа техникалық имканиятлар тийкарында таярланған салтанатлы илаж тамашагөйлерге үлкен заўық бағышлады. Белгили эстрада жулдызларының атқарыўында жәҳән чемпионатының рәсмий қосығы жаңлады. Пүткил дүньядан келген тамашагөйлер футбол дүньясының ең абыройлы жарысына қатнасып атырған еллердиң командаларын қутлықлады.

Президентимиз жоқары мәртебели мийманлардың қатарында Россия ҳәм Саудия Арабстаны миллий сайланды командалары арасындағы ойында тамашалады. Сырт еллердиң басшылары менен қызғын сөйлесиўлер өткерди.

Президент Шавкат Мирзиёев сол күнниң өзинде Ташкентке қайтты.

Өзбекстан Республикасы

Президентиниң Баспасөз хызмети