Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

 

Сизлерди, елимиздеги барлық мөмин-муслыманларды, пүткил халқымызды мийрим-шәпәәт, жақсылық ҳәм сақыйлық әййямы – Мүбәрек Рамазан ҳайыты менен шын қәлбимнен қызғын қутлықлайман.

Бул қутлы байрамда ҳәммемиз бәринен бурын усындай пайызлы ҳәм берекетли күнлерге жеткергени ушын Алла таалаға шексиз шүкир-аманлық айтамыз.

Шаңарақ, мәҳәлле ҳәм жәмийет ағзалары меҳир ҳәм итибар көрсетиў, жәрдемге мүтәж адамларға бийғәрез жәрдем бериў, жақсылық, сабыр-тақат сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерди өзинде жәмлеген бул байрамның мазмун-мәниси бүгинги күнде Өзбекстанда алып барылып атырған сиясатқа оғада үнлес ҳәм үйлес келетуғынлығын усы бахытлы демлерде биз ҳәр биримиз терең сезип атырмыз, деп ойлайман.

Ҳәзирги ўақытта муқәддес ислам дининиң әне усындай уллы инсаныйлық принциплерин сақлаў, үгит-нәсиятлаў бүгинги тез раўажланып атырған заманда оғада әҳмийетли ўазыйпаға айланып атырғанын бәршемиз жақсы түсенемиз, мәмлекетимизде соңғы ўақытта бул бағдарда көп жумыслар исленип атырғаны сизлерге жақсы белгили, әлбетте. Соның ишинде, уллы бабаларымыз Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий атындағы халықаралық илимий орайлар, Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан халықаралық ислам академиясының шөлкемлестирилгени бул бағдардағы үлкен қәдемлер болды.

Бүгинги күнде пүткил адамзаттың турмысына қәўип туўдырып атырған қәўип-қәтерлерге қарсы жаўызлыққа қарсыағартыўшылық тийкарында гүресиў, динимиздиң пәклигин сақлаў бойынша елимиз тәрепинен абыройлы халықаралық минберлерден бир қатар әмелий басламалар илгери сүрилмекте. Атап айтқанда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының сессиясында «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деген атама менен арнаўлы резолюция қабыл етиў ҳаққында билдирген усынысымыз дүнья жүзи көлеминде кеңнен қоллап-қуўатланбақта.

Усы уллы әййям күнлеринде узақ ҳәм жақын мусылман еллериниң халықларын, барлық досларымызды шын жүректен қутлықлап, оларға тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеўден оғада қуўанышлымыз.

Ҳүрметли журтласлар!

Өзбекстанымыз жаңа раўажланыў басқышына қәдем таслап, барлық тараўларда өзгерислер менен жаңаланыўлар күшейип атырғаны, Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен елимизде үш күнлик дем алыс жәрияланғаны быйылғы байрамға айрықша пайыз ҳәм қуўаныш бағышламақта.

Теберик әййям алдынан еркинен айырыў жазасын өтеп атырған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында пәрман қабыл етилгени халқымызға тән кеширимлилик, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт пазыйлетлериниң және бир мәрте айқын көриниси болды.

Бул ҳуқықый ҳүжжет жәмийетимизде инсан ҳуқықларын ҳәм мәплерин тәмийинлеў, саламат социаллық орталықты беккемлеў, билип-билмей надурыс жолға кирген инсанларды кешириў, оларды шаңарағы қушағына, еркин турмысқа қайтарыўға қаратылған ең көлемли жумысларымыздың үзликсиз даўамы болып табылатуғынына гүман жоқ.

Биз бул диний қәдриятларымызды қәстерлеп, ҳүрметлеп жасар екенбиз, ҳәзирги жоқары технологиялар әсиринде, беккем ийман-исеним менен бирге заманагөй илим-пәнди, кәсип-өнерди, шет тиллерди пуқта ийелеў, инновациялар тараўындағы жетискенликлерди терең өзлестириў, жасларымызды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў турақлы раўажланыўға ерисиўдиң ең әҳмийетли шәрти екенин әлбетте, жақсы түсинемиз.

Мүбәрек ҳәдислерде айтылғанындай, еки дүнья саадатын ойлап жасаған инсан, ҳеш қашан кем болмайды.

Бәршеңизди муқәддес Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлайман.

Ел-журтымыздың бул мүбәрек айда еткен ибадатлары, жақсы нийетлери орынлансын!

Жанажан Ўатанымызда, шаңарағымызда тынышлық, татыўлық, пайыз-берекет мәңги болсын!

Ийгиликли ислеримизде, умтылысларымызда Жаратқанның Өзи мәдаткар болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти