Донорлар, инсанларға өмир бағышлап, үлкен саўаплы истиң басында турған инсанлар болып есапланады. Тиришиликтиң даўам етиўине өзлериниң бийминнет үлесин қосып атырғаны ушын халқымыз олардан шексиз миннетдар.  Жәмийетимизде бир-биреўге мийрим-шәпәәт, жоқары адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип атырған бундай инсанлардың ҳүрметине халықаралық көлемде белгиленетуғын байрам бизиң елимизде де мүнәсип тәризде өткерилмекте.

Республикалық қан қуйыў станциясында «Басқалар ҳаққында ойлаң!», «Қан тапсырың. Өмир бағышлаң!» сүрени астында өткерилген илаж усындай мазмундағы сөзлер менен басланды.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қәллибек Қудайбергенов ашты ҳәм жыйналғанларға илаждың мақсети  ҳаққында айтып өтти.

Бийғәрез донорларды ҳәм белсенди инсанларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў, Мәденият министрликлери, Кәсиплик аўқамлары бирлеспеси, Жаслар аўқамы, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының Қарақалпақстан бөлими, Қызыл ярым ай жәмийети ҳәм басқа да мәкемелер тәрепинен шөлкемлестирилген илажға медицина тараўы хызметкерлери, бийғәрез донорлар, белсендилер, шөлкемлестириўши мәкемелердиң жуўапкер адамлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

– Елимизде халықтың саламатлығын беккемлеўде бийғәрез донорлардың жәрдеми айрықша, – дейди «Шыпакерлер Ассоциациясы» Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Әбдикерим Мәмбеткәримов. – Ақыры, олар инсанларға қайта өмир бағышлаўшылар. Бүгинги күнде станцияда қанның барлық компонентлери ислеп шығарылатуғын болды. Бурынғыдай тек қанның өзи емес лейкоцит, эротрицит, плазма ҳәм басқа да компонентлер наўқасларға қуйылып, олардың саўалыўына жәрдем бермекте.

– Мен 2014-жылы онкологиялық кеселликке шалындым, -дейди пайтахтымыз турғыны Гүлистан Жуманазарова. – Соннан берли ҳәр жылы маған донорлар қан берип киятыр, оның үстине каным биринши топар, арамызда сақый ҳәм жақсы донорлардың бар екенлиги, маған өмир бағышламақта. Оларға шексиз миннетдарман, саўабы әўладларына тийсин.

Илажда шөлкемлестириўшилер тәрепинен донорларға, белсенди инсанларға, кәсип пидайыларына ҳүрмет жарлықлар, естелик саўғалар тапсырылды.

«Айқулаш жулдызлары» ансамбилиниң концерт бағдарламасы қатнасыўшыларға  заўық бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги