Ташкент ўақты менен саат 20:00 де Москвадағы «Лужники» стадионында басланатуғын ашылыў ойынында Россия ҳәм Сауд Арабиясы сайланды командалары өз ара ойнайды. Чемпионаттың ашылыў салтанаты 19:30 да басланады, деп хабар бермекте Daryo басылымы.

Ашылыў салтанатында британиялы қосықшы Робби Уильямс, Вена операсы солисти, россиялы Аида Гарифуллина қосық айтады. Сондай-ақ, 1994- ҳәм 2002-жыллардағы жәҳән чемпионы бразилиялы Роналдо да илажда қатнасады. Чемпионаттың рәсмий қосығын Уилл Смит, Ники Джем ҳәм Эра Истефи атқарады.

Жарыстың ашылыў салтанаты ҳәм барлық ойынлар «UzReport» ҳәм «Futbol TV» телеканалларында тиккелей эфирде көрсетиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.