Футбол бойынша 2026-жылдағы жәҳән чемпионаты АҚШ, Канада ҳәм Мексика еллеринде болып өтеди.

Жарыс өткерилетуғын еллер бүгин Москва қаласында өткерилген ФИФА конгресинде даўыс бериў арқалы анықланды.

Мундиальды АҚШ, Канада ҳәм Мексика биргеликте өткериўди усыныс еткен болса, Марокко да жәҳән чемпионатын өз елинде өткериўге тайын екенлигин билдирген. Даўыс бериўдиң жуўмақлары бойынша дәслепки үш мәмлекет жеңип шыққан.

АҚШ, Канада ҳәм Мексика кандидатурасын 134 миллий федерация қоллапқуўатлаған. Ал Мароккоға 65 даўыс берилген.

Жәҳән чемпионаты биринши мәрте үш мәмлекетте өткерилетуғын болды. Ал 2022-жылғы жәҳән чемпионаты Катарда өткериледи.

Мағлыўмат ушын, Мексикада усы күнге шекем еки мәрте – 1970-жылғы ҳәм 1986-жылғы жәҳән чемпионатлары өткерилген. Олардың бириншисинде Бразилия, ал кейингисинде Аргентина жәҳән чемпионы болған. Ал АҚШ 1994-жылы биринши мәрте жәҳән чемпионатын қабыллаған болса, онда Бразилия сайланды командасы теңсиз болған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.