Халқымыз арасында «саат 21:00 – балалардың уйқылаў ўақты» деген гәп бар. Ўақыт өткен сайын әдетлер өзгерип барады. Бурынғы ўақытлары балалар күн батқаннан кейин уйқылайтуғын болғанлығын әже-аталарымыздан көп еситкенбиз. Бирақ, бүгинги дәўир балаларын бундай ўақытта уйқылатыў қыйын.

Бала өз ўақтында уйқылаўы керек. Себеби, өсиў гармоны уйқының төртинши басқышында раўажлана баслайды екен. Мәселен, бала 21:00 де уйқыға жатса 00:30 да гармон жумысын баслайды. Егер бала кеш жатса өсиў гармонына аз ўақыт бөлинип, бул баланың раўажланыўына кери тәсирин тийгизеди, дейди илимпазлар.

Изертлеўлерге қарағанда, белгили күн тәртиби тийкарында жасайтуғын балалар сергек болып, тапсырмаларды да талаптағыдай етип орынлайды екен. Сондай-ақ, өз ўақтында уйқыға жататуғын балалар Альцгеймер кеселлигине аз шатылады. Шыпакерлердиң айтыўынша, бул аўырыўдың раўажланыўын тоқтатып қалатуғын еки усыл бар екен: жақсы уйқы ҳәм дене шынықтырыў.

Балалардың күн тәртибине дыққатлы болыў керек. Соның менен бирге, өзиңиз де ерте жатып, ерте турыўға әдетлениўиңиз керек. Себеби, балалар биринши гезекте ата-анасынан өрнек алады. Кеш уйқылаў әдеттеги жағдай болса да, келешекте ол балаңыздың денсаўлығына кери тәсир етеди.

 

Баланы өз ўақтында уйқылаўға қалай үйретиўге болады?

Баланы мәжбүрлеп қайта тәрбиялаў оғада қыйын. Ең дурыс жол – белгили бир күн тәртибине шаңарақ ағзаларыңыз бенен бирге әмел етиў. Бала уйқылаўға жатқанда сизиң ямаса сырттағы басқа сеслерге итибары берилип, уйқысы бөлинеди.

Және бир жолы балаңызға жатардан алдың ертек айтып бериўге әдетлениў.

Итибарға ылайық және бир нәрсе – бул бөлмедеги шырақлар. Психологлардың пикиринше, бөлмедеги шырақтың реңи сары болса ол уйқы шақырады екен.

Гаджетлерден пайдаланбаўға ҳәрекет етиң. Себеби, бала бизиң саямыз. Спортты да умытпаң. Кешки мезгилде баланың спорт пенен шуғылланыўы оның тез уйқылап қалыўына тийкар жаратады. Ҳәр күни кеште шаңарақ ағзаларыңыз бенен сейилге шығып турың. Бул да жақсы нәтийже береди.

Өмириңизде әпиўайы болып көринген бул әдетлерге итибарсыз қарамаң. Бала өз ўақтында уйқылап, ўақтында оянып жүрсе, келешекте өз нәтийжесин береди. Себеби, денсаўлығы жақсы баланың өзине деген исеними жоқары болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.