Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар менен танысыў ҳәм халық пенен пикирлесиў мақсетинде 12-13-июнь күнлери Ферғана ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапарының биринши күнинде көплеген жаңа жойбарлар менен танысып, исбилермен ҳәм инвесторлар, жумысшы-хызметкерлер, фермерлер, нураныйлар менен ушырасты. Усы жойбарлардың әмелге асырылыўы ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да жоқарылатыўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Ферғана ўәлаятына сапарының екинши күнинде Шығыс әскерий округине қараслы әскерий бөлимде болды.

Бул жерде Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде берилген ўазыйпалардың орынланыў барысы менен танысты, әскерий-ҳаўа десантшылары бригадасының шынығыўларын көзден өткерди, әскер ҳәм офицерлер менен пикирлести.

Елимиз  шегараларының қорғаўшыларын социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың мүнәсип турмыста жасаўын тәмийинлеў мәселеси үзликсиз итибарда. Соның ишинде, усы әскерий бөлимде де Ўатан қорғаўшыларының өз хызмет ўазыйпаларын үлгили атқарыўы ушын барлық шараят жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы әскерий бөлимде шөлкемлестирилген Мәдений дем алыў орайы, Руўхыйлық орайы, аутсорсинг системасы енгизилген асхананы көзден өткерди.

– Ўатанды сүйиў – уллы пазыйлет. Жасларымызды әне сондай пазыйлетли етип тәрбиялаўымыз керек. Ол ушын сиз сыяқлы күшли, ғайратлы жигитлер үлги болыўы зәрүр. Жаслар менен тез-тез ушырасып турыў, оларды миллий идея, Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўға үлес қосыў керек, – деди Президент.

Ушырасыўда әскерлердиң жасаў жағдайын жақсылаў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын буннан былай да жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Ол ушын орынларда шөлкемлестирилген әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысын жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Әскерий-ҳаўа десантшыларының таярлығын арттырып барыў ушын аэродинамикалық тренажёрларды орнатыў, «Ватанпарвар» шөлкемлериниң жанында парашютшылар дөгереклерин ашыў бойынша тапсырмалар берилди.

Шавкат Мирзиёев Ферғана қаласындағы Мустақиллик массивинде қурылып атырған көп қабатлы жаңа турақ жайлар менен танысты. Дәслеп Ферғана қаласының Бас режеси тийкарында әмелге асырылып атырған қурылыс-абаданластырыў жумыслары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президентимиздиң 2016-жыл 22-ноябрьдеги 2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы турақ жайлар қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын әмелге асырыўға байланыслы илажлар ҳаққындағы қарарына муўапық, өткен жылы Мустақиллик массивинде 7 қабатлы 5 турақ жай қурылып, мүтәж шаңарақларға тапсырылған еди.

Бул жайлар 2 ҳәм 3 ханалы болып, жигирма жыллық жеңилликли ипотека кредити тийкарында берилген. Квартираларда барлық шараят жаратылған. Квартиралар ысытыў қазаны менен тәмийинленген. Имаратларға заманагөй лифтлер орнатылған.

Ҳәзирги ўақытта аймақта усы жылға режелестирилген 10 турақ жай, мийманхана, 150 орынлық бақша қурып питкерилмекте. 2019-2020-жылларда бул жерде және 19 көп қабатлы турақ жай қурыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы көп қабатлы турақ жайлар ушын Түркия, Қубла Корея сыяқлы раўажланған мәмлекетлерде қолланылып атырған турақ жай имаратларын блоклардан қурыў тәжирийбесин өзлестириў зәрүрлигин атап өтти.

– Блоклардан қурылатуғын турақ жай тез питеди. Жер силкиниўине шыдамлы, өзине түсер баҳасы арзан болады, – деди Шавкат Мирзиёев. – Раўажланған мәмлекетлердиң барлығында мине усындай турақ жайлар қурылмақта. Елимизге блоклардан турақ жай қурыў бойынша заманагөй технология алып келинбекте. Бул келешекте турақ жай қурылысын көбейтиў имканиятын береди.

Социаллық тараў хызметкерлерине, оқытыўшылар ҳәм шыпакерлерге мөлшерленген көп қабатлы турақ жайлар қурыўға кирисиў, олар ушын басланғыш төлеминде жеңилликлер бериў келешектеги режелерден екени атап өтилди.

Бул жерде ўәлаяттағы бар инфраструктура имаратларын сақлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, Ферғана, Марғилан, Қувасай ҳәм Қоқанд қалаларындағы көп қабатлы турақ жайлардың ысытыў систсемасын қайта тиклеў, ўәлатта ишимлик суўы ҳәм канализация тармақларын раўажландырыў жойбарларының презентациялары өткерилди.

Президентимиз Ферғана ўәлаятындағы усы ири қалаларды раўажландырыў, халықтың машқалаларын шешиў, экономикалық-социаллық инфраструктураны жақсылаў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша қалалар ҳәкимлерине зәрүр тапсырмалар берди.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршылары