Ташкентте 11-июнь күни «Терроризмге алып келетуғын қәўипли экстремизмниң ҳәм радикализмниң алдын алыў және оларға қарсы гүресиўде жаслардың роли» темасында халықаралық конференция басланды.

Ёшлар – терроризм ва экстремизмга қарши курашишда етакчи куч

Илаж Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң елимиздеги жойбарларының координаторы ҳәм БМШ пенен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда АҚШ, Уллы Британия, Германия, Испания, Нидерландия, Латвия, Россия, Қытай, Ҳиндстан, Япония, Малайзия, Кувейт, Қазақстан, Қырғызстан, Аўғанстан сыяқлы еллердиң делегациялары, сырт елли экспертлер, сондай-ақ, сенаторлар, депутатлар, Өзбекстан жаслар аўқамының белсендилери, илим ғайраткерлери, журналистлер қатнаспақта.

Әнжуманда жаслар арасында терроризмге алып келетуғын қәўипли экстремизмге ҳәм радикализмге қарсы гүресиўдиң сиясий-ҳуқықый тийкарлары, бул процессте олардың ролин арттырыў, мәмлекетлик ҳәм пуқаралық жәмийетиниң бирге ислесиўин күшейтиў, интернет ҳәм ғалаба хабар қуралларында бундай иллетлерди үгит-нәсиятлаўдың алдын алыў, жас әўлад ўәкиллериниң терроризм ҳәм қәўипли экстремизмниң тәсири астына түсип қалыўына жол қоймаў мақсетинде илим, мәденият, спорт тараўларында Орайлық Азия еллериниң регионаллық аўызбиршилигин беккемлеў мәселелери додаланбақта.

Бүгинги күнде қәўипли экстремизм ҳәм терроризм дүньяда турақлы раўажланыў ҳәм миллетаралық татыўлыққа мәлим бир қәўип-қәтерлерди жүзеге келтирмекте. Бул болса олардың сапластырылыўы ушын биргеликте әмелий шешим табыўды талап етпекте. Сол мақсетте соңғы жыллары бир қатар жойбарлар әмелге асырылып, пикирлесиў топарлары шөлкемлестирилди.

Өзбекстан экстремизмге ҳәм радикализмге қарсы гүресиўге глобаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти сыпатында қарап, усы процесстиң турақлы қатнасыўшысы ҳәм интакери болып келмекте.

Президент Шавкат Мирзиёев уллы минберлерден турып, халықаралық терроризм ҳәм экстремизмниң тийкарын басқа факторлар менен бирге жаўызлық ҳәм аяўсызлық қурайтуғынын, соның ушын, жаслардың ой-өрисин ағартыўшылық тийкарында қәлиплестириў ҳәм тәрбиялаў ең әҳмийетли ўазыйпа екенин айрықша атап келеди.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз 2017-жылы сентябрь айында БМШ Бас Ассамбелясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде жаслардың өз потенциалын жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў зорлық идеясы «вирусы» тарқалыўының алдын алыўға хызмет ететуғынын атап өтти. Жас әўладты социаллық қоллап-қуўатлаў, оның ҳуқық ҳәм миннетлерин қорғаў бағдарындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенцияны ислеп шығыўды усыныс етти.

Халықаралық әнжуман қатнасыўшыларының атап өткениндей усы конференция нәўқыран әўлад ўәкиллери арасында терроризмге себеп болатуғын факторларға қарсы гүресиўде комплексли қатнасларды ислеп шығыў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық көлемдеги бирликтеги ис-ҳәрекетлерге кең жол ашады.

Терроризмге алып келетуғын ҳәр қыйлы факторларға қарсы гүресиў мақсетинде БМШ, ЕҚБШ сыяқлы бир қатар халықаралық шөлкемлердиң тийисли қарарлары қабыл етилген. Усы ҳуқықый ҳүжжетлерде террористлик пропагандаларға қарсы гүресиў ушын кең көлемли халықаралық механизмниң енгизилиўи нәзерде тутылған. Бул өз гезегинде тынышлықты ҳәм қәўипсизликти беккемлеўге қаратылған миллий ҳәрекетлер бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм жаслар сиясатын раўажландырыў имканиятын бермекте.

– Бундай бағдарламалардың ислеп шығылыўы үлкен әҳмийетке ийе, – деди БМШтың Стамбулдағы регионаллық офиси кластериниң басшысы Шелли Инглис. – Халықлар ҳәм мәмлекетлердиң өзине тән мәденияты, тили, дини ҳәм турмыс тәризинде өзине тәнликлер бар. Терроризмге алып келетуғын қәўипли экстремизм ҳәм радикализм тәсирине түсип қалып атырғанлар да түрли қатнасларға ийе. Соның ушын мәмлекетлер кесиминде миллий бағдарламаларды ҳәм стратегияларды ислеп шығыў арқалы бул иллетке қарсы гүресиў зәрүр. Ҳәзирги күнде 15 тен аслам ел өзиниң миллий ҳәрекет бағдарламасын ислеп шыққан. Келешекте бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттириледи.

Кескин жағдайлар, аўыр социаллық-экономикалық жағдай халық арасында жумыссызлықтың көбейиўине алып келеди. Нәтийжеде, әсиресе, жаслар арасында миграция жеделлеседи. Ол мәлим бир дәрежеде Орайлық Азия еллерине де тән улыўма қәсийет.

Регионымыз мәмлекетлери бирден-бир раўажланыў тенденциясына ийе. Орайлық Азияда терроризмге алып келетуғын қәўипли экстремизм ҳәм террорризмниң алдын алыўға өз-ара мақул қатнасларды ислеп шығыў, ҳүкиметлер арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, жасларда терроризм идеологиясына ҳәм экстремистлик ҳәрекетке қарсы нәтийжели иммунитетти пайда етиў арқалы ерисиў мүмкин.

Бул бағдардағы қатнас жасаў ҳәм усыныслар конференцияның секция мәжилислеринде ҳәр тәреплеме додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар сиясаты мәселелери  бойынша Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Қаҳрамон Қуронбоевтың атап өтиўинше, жаслар түрли объектив ҳәм субъектив себеплерге бола сырт елге кетпекте. Миграция нәтийжесинде басқа тил ҳәм мәденият пенен жүзлескен әўлад биринши гезекте экстремистлер тәсирине түсип қалып атыр. Ең әҳмийетли мәселе – сырт елдеги, әне сол жаслар менен турақлы сөйлесиў орнатыў, ҳәр қыйлы қәўипли топарлардың тәсирине түсип қалыўының алдын алыў болып табылады. Бундай шараятта Орайлық Азия мәмлекетлериниң жаслары арасында жүзеге келиўи мүмкин болған қәўипли экстремизм ҳәм радикализм көринислерине қарсы гүрес илажларын күшейтиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

1 (2).JPG

Елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Орайлық Азия ҳәм регионға қоңсы еллердиң ҳүкиметлери ҳәм жаслар шөлкемлери арасында жолға қойылған конструктивлик бирге ислесиў бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў бойынша ис-ҳәрекетлердиң тийкарын қурамақта.

Медиа мәкан әлле қашан белгили идеяларды, қәдириятлар ҳәм исенимлерди хошаметлеўде әҳмийетли тәсир көрсететуғын факторға айланып үлгерген. Соның ишинде, социаллық тармақлар өзинде мине усындай имканиятларды жәмлеген. Буннан бузғыншы идеяның үгит-нәсиятшылары ғәрезли мақсетте пайдаланбақта.

Интернет террористлер ушын жаңа ағзаларды табыў, жаллаў, оқытыў, қаржы топлаў, террористлик ҳәрекетлер шөлкемлестириўдиң тийкарғы қуралына айланған. Жаңа телекоммуникация технологиялары түрли топарлар арасында тез мағлыўмат алмасыў, жумыс шеңберин кеңейтиў ҳәм психологиялық тәсир көрсетиў имканиятын бермекте.

Усы мүнәсибет пенен, «Интернет ҳәм ғалаба хабар қуралларында қәўипли экстремизмниң алдын алыў» темасында шөлкемлестирилген үшинши секция мәжилисинде ғалаба хабар қуралларының миллетлераралық татыўлық, динлераралық кеңпейиллик принципин енгизиў, өз-ара ҳүрмет руўхын беккемлеў, жек көриўшиликтиң барлық бағдарларына қарсы гүресиўдеги өз позициясын беккемлеўге шақырылды.

Конференция шеңберинде Регионаллық қәўип-қәтерлерди үйрениў орайы тәрепинен ЕҚБШ көмегинде экстремизмге қарсы гүресиў -stopterror.uz мәлимлеме порталын таныстырды. Илажда «Орайлық Азия жаслары қәўипли экстремизмге қарсы» таңлаўының регионаллық басқышының нәтийжелери жәрияланды.

Ушырасыўда, сондай-ақ, қәўипли экстремизм ҳәм терроризмниң алдын алыўда регион еллери жасларының халықаралық аўқамын шөлкемлестириў перспективалары ҳаққында сөз етилди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы