Испания миллий сайланды командасы жәҳән чемпионаты алдынан бас тренерсиз қалды. Испания футбол федерациясы жәҳән чемпионаты басланыўына аз ўақыт қалғанда команданың бас тренери Хуан Лопетегиди лаўазымынан азат етти. Бул ҳаққында Краснодарда болып өткен баспасөз конференциясы ўақтында Луис Рубиалес хабар берди.

Испания футбол федерациясы президенти бас тренердиң хызметтен босатылғанлығын хабарлап, оның алдағы жумысларына табыслар тиледи:

– Бас тренерди лаўазымынан азат етиўге туўра келди. Оның алдағы жумысларына әўмет ҳәм табыс тилеймиз, – деген Луис Рубиалес.

Мағлыўматларға қарағанда, федерация тренерди жәҳән чемпионаты жуўмақланғанға шекем лаўазымында алып қалыўға ҳәрекет еткени менен, команда сәрдары Серхио Рамос басшылығындағы бирнеше футболшылар оның кетиўин талап еткен.

Хуан Лопетеги күни кеше Мадридтиң «Реал» клубын басқаратуғынлығы белгили болған еди. Ол клуб пенен үш мәўсимге шәртнама дүзген. Тренердиң бул шешими Испания футбол федерациясы басшыларының ғәзебин келтирген. Ол Испания сайланды командасы менен шәртнамасын узайтқанына 3 ҳәпте болған еди.

Испания миллий сайланды командасы «В» топарында Марокко, Португалия ҳәм Иран сайланды командалары менен өз ара жарысады. Еки күннен кейин команданы Португалия менен болып өтетуғын дәслепки ойын күтпекте. Буған шекем жаңа тренер сайланыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.