USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 25 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

АЙМАҚЛАРДЫҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ РАЎАЖЛАНЫЎЫ ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ АБАДАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎҒА ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў ҳәм халық пенен пикирлесиў мақсетинде 12-июнь күни Ферғана ўәлаятына барды.

Ферғана ўәлаятын 2018-жылы раўажландырыў инвестициялық бағдарламары шеңберинде 285 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген болып, бүгинги күнге шекем 35 и жуўмақланды. Ўәлаятта 212 қоспа кәрхана жумыс ислемекте, усы жылдың өткен дәўиринде сырт ел инвестициясы қатнасындағы  45 кәрхана дизимнен өткерилди.

Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген «Қўқон» еркин экономикалық зонасында әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар да халықтың абаданлығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Қўва районында жаңадан қурылған «Фарғона анорчилик» жуўапкершилиги шекленген жәмийети түриндеги агрофирма менен танысты.

Елимизде аўыл хожалығын, әсиресе, бағшылықты раўажландырыў, мийўе-овощлардың экспопртын арттырыў бойынша перспективалы жойбарлар турмысқа енгизилмекте. Соның ишинде, Ферғана ўәлаятында бүгинги күнде бул бойынша анық илажлар ислеп шығылған болып, аграр тараў өнимлерин жетистириў ҳәм экспорт  етиўде үлкен жетискенликлерге ерисилмекте.

Бул жердиң әнарлары дүньяға белгили. Ҳәзирги күнлерде әнардың өнимли ҳәм ықлым шараятына сай жаңа түрлерин жаратыў, әнар атызларын қурыўға айрықша итибар қаратылмақта. «Фарғона анорчилик» агрофирмасында әмелге асырылып атырған жумыслар буған анық мысал болып табылады.

Әнар жетистириў, сақлаў, қайта ислеў, таяр өнимлерди экспорт етиў ҳәм экотуризм хызметлерин көрсетиўге қәнигелескен агрофирманың улыўма майданы 300 гектардан аслам. Соннан 289 гектарына 15 ке шамалас сортлы 272 мың түптен аслам әнар нәли егилип, тәрбияланбақта. Бес жүзге шамалас адамның бәнтлиги тәмийинленген. 2025-жылға шекем әнар атызларының майданын 2 мың гектарға жеткериў режелестирилген. Әнар атызлары толық зүрәәтке киргеннен соң, жылына 10 мың тонна өним жетистириледи.

Агрофирмаға 2018-2020-жыллары инвестиция түринде Израильдан қадақлаў, Италиядан өнимди қабыл етиў, жуўыў ҳәм түрлеў үскенелери, Нидерландиядан музлатқыш агрегатларын алып келип орнатыў мөлшерленбекте. Нәтийжеде 2 мың 400 тонна шербет, 3 мың 600 тонна сайланған әнар дәнелери, 4 мың тонна қадақланған әнар таярлаў имканияты жаратылады.

Усы жердиң өзинде ўәлаятта агрологистика орайын, әнар атызларын шөлкемлестириў, қусшылық, шарўашылық, түйешилик, балықшылық, лимон, туқымлық картошка жетистириў, пал ҳәррешиликти раўажландырыў жойбарларын таныстырыў болып өтти.

Әнар ҳәр қандай аз ушырасатуғын мийўе сыяқлы дәрамат дәреги. Бүгинги күнде елимизде әнар жетистириўди билетуғын қәниге аз. Ферғана мәмлекетлик университетинде әнар жетистириўди раўажландырыў кафедрасын ашып, жаңа сортлар жаратыў, қәнигелер таярлаў керек. Сонда бул тараўдан көбирек дәрамат алып, өнимди сырт елге экспорт етиў мүмкин, деди Президентимиз.

Марғилон қаласындағы «Наримтекс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ислеп шығарылып атырған өнимлер жоқары сапасы ҳәм өзине тән дизайны менен сатып алыўшыларға унамақта. Кәрхана заманагөй технологиялар тийкарында үскенеленген. Бул жерде экспорт көлемин арттырыў бойынша турақлы излениўлер алып барылмақта.

«Наримтекс» шөлкемлестирилген 2008-жылы әпиўайы тигиў машиналарында ҳаял-қызлардың кийимлери тигилетуғын еди. Елимизде исбилерменлерге берилип атырған жеңилликлер ҳәм преференциялар кәрхананы раўажландырыў имканиятларын кеңейтти. 2012-2015-жылларда қытайлы бирге ислесиўшилер менен биргеликте өндирис процеси модернизацияланды. Заманагөй пишиў-тигиў, нағыс салыў ҳәм тигиў машиналары алып келинип орнатылды. Нәтийжеде кәрхана пальто, куртка, костюм, пиджак сыяқлы өнимлери менен тутыныў базарында өзиниң беккем орнына ийе болды, жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Өткен жылы «Наримтекс» 632 мың долларлық өнимди экспорт етти. Усы жылы бул көрсеткишти 800 мың долларға жеткериў мөлшерленбекте.

Президентимиз өндирис процеси менен танысып, тигиўши ҳаял-қызлар менен пикирлести.

– Ҳаял-қызлардың мүнәсип турмыста жасаўында кийиниў мәдениятының орны үлкен. Липасы өзине жақса, жарасса, ҳаял адамның кейпияты жақсы болады. Бундай шырайлы ҳәм ықшам, заманагөй ҳәм соның менен бирге миллий менталитетимизге тән кийимлерди кийген ҳаял-қызлардың пикирлеўи де кеңейеди. Бул бағдарды раўажландырыў ушын барлық шараятты жаратып бериўге таярмыз. Себеби ҳаял-қызларды турмыстан разы етиў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз ишки ҳәм сыртқы базарда орын табыў ушын өним ислеп шығарыўға алдынғы технологияларды тартыў, жумысшы-хызметкерлердиң маманлығын турақлы арттырып барыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы сол жерде Ферғана ўәлаятында әмелге асырылатуғын инвестиция жойбарлары менен танысты.

Ўәлаятта сырт ел инвестииияларын тиккелей тартыўға қаратылған инвестициялық хаб шөлкемлестирилмекте. Сырт елдеги турақлы офислер, дос болған қалалар ҳәм елимиздеги сырт елли исбилерменлер арқалы бул хабқа 161 миллион доллардан аслам инвестиция тартыў режелестирилмекте. Усы қаржыны жаңа кәрханалар ашыў ҳәм барларын модернизациялаўға бағдарлап, 2 мың 700 ден аслам жумыс орнын жаратыў мөлшерленбекте. Сондай-ақ, усы инвестициялық хаб ўәлаяттағы еркин экономикалық зоналар ҳәм иннвоациялық орайлар менен де ислейди.

Президентимиз бул системаны жетилистириў, бундай хабларды басқа да аймақларда шөлкемлестириў, экономикалық турақлы кәрханаларды көбейтиў бойынша жуўаплы хызметкерлерге тапсырмалар берди.

Ферғана ўәлаятында санаат кәрханаларына инвестиция тартыў, бос турған имратлардан нәтийжели пайдаланыў, жаслардың инновациялық қолланбаларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы жойбарлардытаныстырыў да болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы Ферғана ўәлаятына сапары ўақтында Марғилон қаласында дөретиўшилер бағын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берген еди. Сол тийкарда бул жерде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Бағ майданы 16,7 гектар болып, саяманлы терек нәллери отырғызылған, гүлзар ҳәм газонлар шөлкемлестирилген. Оның орайында Өзбекстан халық шайыры Эркин Воҳидовтың естелиги орнатылған.

Шавкат Мирзиёев дөретиўшилер бағын барып көрди. Эркин Воҳидов естелигине гүл қойды.

– Бул бағ жаслардың руўхыйлығын жоқарылататуғын орынға айланыўы керек. Бул жерге келетуғынлар Эркин Воҳидовтың қосықларынан кеўли толып, руўхый дүньясын және де байытсын, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сондай-ақ, бағда Эркин Воҳидов атындағы жәмийетлик пәнлер бағдарындағы қәбилетли жаслардың мектеп-интернаты,  Эркин Воҳидовдиң мемориал музейи, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ўәлаятлық бөлиминиң имараты, Нуранийлар дәргайы, ҳәр қыйлы илажлар өткериўге мөлшерленген 1500 орынлық амфитеатр, палаў таярлаў орайы ҳәм басқа да инфраструктура объектлери қурылған. Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, Марғилонда жаңа руўхыйлық ошағы қурылды.

Мәмлекетимиз басшысы мемориал музейдеги экспонатларды көзден өткерди. Бул жер ҳақыйқый руўхыйлық ошағы болыўы, бул жерге оқыўшы ҳәм дөретиўшилерди көбирек алып келиў зәрүрлигин атап өтти. Ўәлаятта бир жылда еки мәрте Воҳидов күнлерин шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Шавкат Мирзиёев Нуранийлар дәргайында мийнет ветеранлары менен пикирлести.

Президентимиз Олтиариқ районындағы «Исмоил Нозим обод» фермер хожалығында болып, усы хожалық мысалында Ферғана ўәлаятында пахта ҳәм ғәлледен алынатуғын зүрәәтти көбейтиў ҳәм тәкирарый егин егиў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар менен танысты.

2006-жылы шөлкемлестирилген бул хожалық 60 гектарда дийқаншыылқ етеди. Аўыл хожалығында жаратылып атырған имканиятлар фермер хожалықларын жанылғы-майлаў материаллары, қаржы ҳәм минерал төгинлер менен тәмийинлеў системасының избе-из жолға қойылып атырғаны нәтийжесинде усы жылы 30 гектар ғәлле майданынан 85-90 центнерден зүрәәт алыў мөлшерленбекте. Буннан тысқары, 30 гектар жерде ғаўашаның «Наманган-77» сорты тәрбияланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы пахта атызын, ғәлле орым-жыйын барысын көзден өткерди. Ўәлаяттың  дийқан ҳәм фермерлери менен зүрәәтти зая етпей жыйнап алыў, ғәлледен босаған егислик жерлерге тәкирарый егинлер егиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пикирлести.

Аўыл хожалығы ушын қыйын келген быйылғы жылы фермерлер алдында суўдан шеберлик пенен, үнемли пайдаланыў, тәкирарый егин егилетуғын егислик жерлерди дурыс белгилеў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў, туқымның сапасын жақсылаў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар турғанын атап өтип, жуўапкер шахсларға зәрүр тапсырмалар берди.

Шавкат Мирзиёев Олтиариқ районының Қапчиғой мәҳәллесиндеги «Smart kids»  мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин барып көрди.

Мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарында иске қосылған бул бақша 210 орынға мөлшерленген. Кишкенелерди ҳәр тәреплеме раўажландыратуғын ойыншықлар ҳәм инвентарьлар менен үскенеленген. Бүгинги күнде Ферғана ўәлаятында 38 усындай заманагөй мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жумыс ислемекте.

Бул жерде елимиздиң мектепке шекемги билимлендириў системасында енгизилип атырған Интеграцияласқан мониторинг электрон системасы таныстырылды. Бул системада ҳәр бир баланың туўылыўынан баслап ержеткенге шекемги болған жағдайы, саламатлығы, өсиўи, өзлестириўи ҳаққындағы мағлыўматлар жыйналады. Сондай-ақ, онда тәрбияшылар, бақшалар, оларға зәрүрлик ҳаққында да барлық мәлимлемелер болады.

– Бул билимлендириў-тәрбия системасының тийкары, өзине тән айнасы, – деди Шавкат Мирзиёев. – Ондағы мағлыўматларды бақлаў, таллаў арқалы билимлендириў-тәрбияда нелерге итибар бериўимиз керек екенлигин анықлаймыз. Бизиң перзентлеримиз ең жақсы, заманагөй шараятларға мүнәсип.

Президентимиз усы электрон системаны мағлыўматлар менен толықтырыў, оны билимлендириўдиң кейинги басқышларында да қолланыў бойынша тапсырмалар берди.

Усы күни Олтиариқ районында ўәлаят белсендилериниң қатнасында мәжилис болып өтти. Видеоселектор түринде өткен мәжилисте ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, медицина тараўларын жетилистириў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары даўам етпекте.

ӨзА