Ташкент қаласының бас имәм-кәтиби Анвар қарый Турсунов аўыр кеселликтен соң дүньядан көз жумды.

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Баспасөз хызмети бул хабарды тастыйықлады, деп жазады ӨзА.

Анвар қарый Турсунов Қўчқарович 1958-жылы 21-ноябрь күни Ташкент қаласының Ҳамза районында жумысшылар шаңарағында дүньяға келген.

Ол 1999-жылдан берли Ташкент қаласының бас имәм-кәтиби ўазыйпасында жумыс алып барған.

Анвар қарый Турсунов ғалаба хабар қураллары арқалы турақлы шығып сөйлеўи, диний темадағы лекциялары менен халқымыздың кеўлинен терең орын ийелеген улама еди.

Сондай-ақ, ол 1989-1992-жыллары Қураны кәримниң биринши аўдармасына (Шайх Әлаўатдин Мансур аўдармасы) редакторлық еткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги