Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 8-12-июнь күнлери Нөкис қаласындағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың бокс түри бойынша 2004-2005-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық спорт мектеплеринен, Нөкис олимпиада резервлери колледжиниң сайланды командалары  жәми 17 салмақ категориялары бойынша спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында командалық есапта Хожели районы биринши, Қоңырат районы екинши, Нөкис қаласының спортшылары үшинши орынды  жеңип алды.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги