Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 910-июнь күнлери Нөкис коммунал ҳәм хызмет көрсетиў колледжинде «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып спорттың бадминтон  түри бойынша 20042008-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында «Үмид» кубоги өткерилди.

Жарыс халықаралық бадминтон федерациясының қағыйдаларына муўапық алып барылып, жеке, жуплық, аралас жуплық (микст) басқышта ҳәм олимпиада усылында өткерилди.

Кубокқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы 2004-2008-жыллары туўылған 70тен аслам жас өспиримлер ҳәм қызлар қатнасты.

Жарыс жуўмағында жеке басқышта ер балалар арасында К.Махамбетов, қызлар арасында Ж.Абубакирова, жуплық басқышта Е.Дәўлетбаев, А.Аллашевлар, қызлар арасында Ж.Абубакирова, А.Абдиреймовалар, аралас басқышта К.Махамбетов, Ж.Абубакировалар биринши орын жеңимпазы болды.

Солай етип, командалық есапта Нөкис қаласы биринши,  Кегейли районы екинши, Шымбай районы спортшылары үшинши орынға ылайықлы деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги